Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Аналық ҳәм балалық мәмлекет қорғаўында


Соңғы жылларда мәмлекетимиздиң барлық тараўларында өзгерис ҳәм реформалар әмелге асырылмақта. Нызамлылық ҳәм инсаныйлық принциплери тийкарында нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, көплеген жаңа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Солар қатары аналық ҳәм балалық ҳәмме ўақыт мәмлекет итибарында болып киятыр. Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәмде жәмийеттеги орны, гендер теңлиги мәселеси, ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықлардан қорғаў, аналық ҳәм балалықты қорғаў олардың ҳуқық ҳәмде еркинликлерин қорғаў баслы мәселелерден болып есапланады. 2019-жыл 23-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәмде гөдеклер ҳәм киши жастағы балалар азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. (ЎРҚ-574-сан,23.10.2019-жыл)
Нызамға муўапық, ана сүти менен аўқатландырыўды үгит-нәсиятлаў ден саўлықты сақлаў уйымлары ҳәмде басқа шөлкемлер тәрепинен халық арасында турақлы түрде түсиндириў илажларын өткериў арқалы әмелге асырылады. Сондай-ақ, балаларды ана сүти менен азықландырыў ушын шәраят жаратыў мақсетинде мәмлекетлик мәкемелеринде, шөлкемлеринде, автовокзаллар, аэропортлар, темир жол вокзаллары, мәдений-кеўилашар мәкемелерде арнаўлы орынлар ажыратылады.  
Нызамға көре, балалар ушын ана сүтиниң орнын басыўшы өнимлерди реклама етиўге жол қойылмайды. Ана сүтиниң орнын басыўшы өним ҳаққындағы ҳәр қандай мәлимлеме ана сүтиниң пайдасы ҳәм артықмашылығы ҳаққында корсетпени өз ишине алған болыўы керек.  
Соның менен бирге, Нызамға муўапық нәресте ҳәм киши жастағы балалар ушын ислеп шығарылатуғын ҳәм алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасы аймағында сатылатуғын азық-аўқат өнимлери сертификатластырылыўы ҳәмде сапа ҳәм қәўипсизлик талапларына муўапық болыўы керек.
Еслетип өтиўимиз керек бул нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен кейин күшке кириўи белгиленген.
Нызамның әмелиятқа енгизилиўи нәресте ҳәм киши жастағы балаларды ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәмде балалардың жәнеде саў-саламат болып өсиўине, жамийетте саламат ана ҳәм бала деген түсиникти кеңнен ен жайдырыўға хызмет етеди.


Қанлыкөл районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси                                                    
Б.Матжанова