Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

91 спорт-билимлендириў мәкемеси шөлкемлестириледи


“Спорт-билимлендириў мәкемелери жумысларын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (90-сан, 17.02.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-2024-жылларда басқышпа-басқыш қурылатуғын спорт комплекслеринде 23 балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеплери ҳәмде жетерли спорт комплекслерине ийе 68 балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеплериниң филиаллары шөлкемлестириледи.
Қарар менен Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги системасындағы спорт-билимлендириў мәкемелериниң искерлик нәтийжелилигин рейтинг система тийкарында баҳалаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Спорт-билимлендириў мәкемелеринде олимпия спорт түрлери бойынша шуғылланыўшылар санын асырыў нәтийжесинде олимпия спорт түрлерин раўажландырыў рейтинг баҳалаўдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.

@huqiqiymalimleme