Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

2020-жыл 1-апрелден ПҲАЖлар әдиллик системасына өтеди


Пәрманға (https://t.me/huquqiyaxborot/6510) көре, 2020-жыл 1-апрелден баслап, Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (ПҲАЖ) органлары Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги қурамына өткериледи.
Бунда, агентликке ПҲАЖ органларының жумысларын системалы қадағалаў, тәжрийбели кадрларды таңлаў ҳәм орын-орнына қойыў, ҳуқықты қоллаў әмелиятын муўапықластырыў, «ПҲАЖдың бирден бир электрон архиви» хабар системасын жүргизиў ҳәм  ПҲАЖ органларының аймақлық архивлерине басшылық бойынша функциялар жүкленеди.
Пәрман менен мәмлекетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған системаны нәтийжели енгизиў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.
Сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары искерлигин қоллап-қуўатлаў, мәҳәлле системасын раўажландырыў ҳәм жәмийетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципин енгизиўдиң 2020-2024-жылларға мөлшерленген концепциясы ислеп шығылады.

@huqiqiymalimleme