Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Мәнзил-мағлыўмат мәлимлемелери қалай алынады?


Мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси – бул пуқараның турақлы пропискада турғанлығы, пропискадан шыққанлығы, турған орны бойынша есапқа алынғанлығы, ўақтынша дизимнен өткенлиги, сондай-ақ, мағлыўмат жоқлығы ҳаққындағы мағлыўматлар.
Бул мәлимлемелерди алыў ушын арза бериўши Мамлекетлик хызметлер орайларына (МХО) өзи келип мүрәжат етеди ямаса мәмлекетлик хызметлеринен электрон тәризде пайдаланыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталында (БИМХП) дизимнен өтеди.
Соң белгиленген формадағы сораўнама толтырып, электрон санлы имза (ЭСИ) менен тастыйықланады.
МХО арқалы мүрәжат етилгенде, сораўнаманы ЭСИ менен тастыйықлаў имкәнияты болмаған жағдайларда тийисли имзалар идентификация қылыўдың басқа қураллары (дактилоскопия, электрон имза ҳәм басқалар) менен де тастыйықланыўы мүмкин.
Хызмет ушын, МХОлар арқалы мүрәжат етилгенде 22 300 сум, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы мүрәжат етилгенде 20 070 сум муғдарында жыйым өндириледи.
Ўәкилликли орган (Мәнзил-мағлыўмат бюролары) сораўнама түскеннен баслап 1 жумыс күнинде QR-код қойылған мәлимлемени рәсмийлестиреди ҳәмде оны өз ЭСИсы менен тастыйықлап, тийисли МХОға ямаса арза бериўшиге БИМХП арқалы жибереди.
Арза бериўшилер тек ғана өзлерине тийисли мәнзил-мағлыўмат мәлимлемелерин алыўлары мүмкин. Басқа шахсларға тийисли мәнзил-мағлыўмат мәлимлемелери берилмейди.

https://t.me/huqiqiymalimleme