Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Қарақалпақстанда медицина институты шөлкемлестирилди


«Қарақалпақстан медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққында» Президент қарары ПҚ–4958-сан 14.02.2020-ж) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Аралбойы аймағы ушын медицина тараўында жоқары маманлыққа ийе кадрлар таярлаў системасын жәнеде раўажландырыў мақсетинде төмендегилер шөлкемлестирилди:
Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы негизинде Қарақалпақстан медицина институты ;
Қарақалпақстан медицина институты клиникасы.
Үзликсиз медициналық-кәсиплик тәлим системасында жоқары тәжирийбели медицина кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў институт искерлигиниң тийкарғы бағдарларының бири саналады.
Институтқа қабыл ҳәр жылы белгиленетуғын Өзбекстанның Жокарғы оқыў орынларына оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери шеңберинде әмелге асырылады.
Институт клиникасы шөлкеми институт есапланады ҳәмде оның искерлиги институт тәрепинен муўапықластырылады.
Институт ҳәм институт клиникасы – юридикалық шахс статусына ийе болған, мәмлекет ЖЖО ҳәм мәмлекетлик медицина орны саналады.
Институт клиникасы бас шыпакери жасырын даўыс бериў жолы арқалы Институт илмий кеңесиниң усныснамасына көре, ден саўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.

https://t.me/huqiqiymalimleme