Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Билесизбе


Билесизбе
Төмендеги шахслар медицина мәкемелеринде аўқатланыў төлеминен азат етиледи
(https://www.lex.uz/acts/2898879):
- I ҳәм II топар майыплары;
- балалықтан майыплар;
- 1941–1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, оларға теңлестирилген шахслар;
- Чернобиль АЭСиндеги авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан – майыплығы болған шахслар;
- 1941–1945-жыллардағы урыс жыллары мийнет фронти қатнасыўшылары;
- байналминал жаўынгерлер;
- шын жетимлер;
- жалғыз пенсионерлер;
- 18 жасқа шекем болған балалар, сондай-ақ орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери оқыўшылары;
- шақырыў комиссиялары жуўмақларына көре қорғаныў ислери бөлимлериниң жолламалары бойынша 18 жастан 27 жасқа шекем болған шақырық жасындағылар;
- “Ўзбекистон Республикаси фахрий донори” көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар;
- 1 жасқа шекем баласы болған емизиўли аналар.
Түсиндирме: усы дизим медициналық жәрдем пуллы тийкарда көрсетилетуғын медициналық мәкемелердиң бюджеттен тысқары қаржылары (өз қаржылары) есабына финансластырыў шәртлеринде искерлик көрсетиўши медицина мәкемелерине, олардың бөлимлерине ямаса палаталарына усынылмайды.