Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы жаңалықлар

“Аралдағы бағым” жойбары әмелге асырылады

“Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының искерлик нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–4597-сан, 12.02.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Арал теңизи қурыўы ақыбетлерин сапластырыў ҳәмде туристлер санын көбейтиўге қаратылған “My garden in the Aral Sea” (“Аралдағи бағым”) агро ҳәм экотуризм жойбары әмелге асырылады.
Халықаралық инновация орайының мүтәжликлеринен келип шығып, көргизбели тәжрийбе-сынаў майданларын шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан аймағындағы резерв жер майданларын, Арал теңизиниң қурыған түбиндеги аймақтан ҳәмде Аралбойы аймағындағы тоғай фонды жерлеринен жер майданлары ажыратылады.  
Нөкис қаласы Орайлық базарынан Нөкис районындағы Халықаралық инновация орайы аймағына шекем болған жөнелисте турақлы жәмийетлик транспорт қатнаўы шөлкемлестириледи.
Мағлыўмат ушын, Халықаралық инновация орайы тәрепинен “Мойнақ” ҳәм “Саманбай” тәжрийбе-сынаў майданлари шөлкемлестирилген, сондай-ақ шорланыў ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы шөл ҳәм декаратив өсимликлер генофонды қәлипестирилип, 13 түрдеги өсимлик дүньясы объектлери сынаўдан өткерилмекте.