Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

“Снос” па яки нызамбузыўшылыққа қарсы гүрес?


Бүгин социаллық турмыста кең додалаўларға себеп болып атырған баслы темалардың бири-«снос» мәселеси. Әлбетте,үй қурыўда да,үй бузыўда да тәртип бар.
Гәп -«снос» ҳаққында болады екен, оны өзбасымшалық пенен қурылған үй- жайлардан парқын билип алыў ҳәр қашанғыданда ең аҳмийетли мәселе.
“Снос”-дегенде пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға тек ғана нызамлы тәртипте тийисли болған жер участкасы яки оның бир бөлеги алып қойылыўы ҳәм оған жараса компенсация берилиўи түсиниледи.
Дурысын айтқанда қаласазлық искерлигин әмелге асырыў,халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў,аймақларды комплекс раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалары ҳәм инвестиция жойбарларының нәтийжели әмелге асырылыўы шеңберинде пуқаралар ҳәм исбилерменлерге тийисли болған имарат ҳәм сооружениелер қурылыс жайласқан жер участкалары алып қойылыўы мүнәсибети менен айрым жағдайларда кемшиликлерге ,нызамбузыўшылыққа жол қойылды.
Әйне мәселеде нызамбузыўшылық болғанлығы себепли бул бойынша улыўма жаңа тәртип енгизилди.
Ендилигинде  жер участкасын алып қойыў Ҳүкиметтиң 2019-жыл 16-ноябрьдеги 911-санлы қарары менен тастыйықланған реже тийкарында ҳәмде онда көрсетилген тийкарлар бар болғанында ғана әмелге асырылады.
Оган көре:
Жер участкасын алып қойыўға зәрүрлик пайда болғанда биринши нәўбетте ҳәкимлик яки инвестор ҳәм мүлкдарлар арасында Ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында ашық додалаў өткериледи;
Ҳәкимлик яки инвестор тәрепинен дәслепки есап-китаплар әмелге асырылады, сондай-ақ, компенсация бериў ушын жеткиликли ресурслар бар екенлиги үйрениледи;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен жер участкасы алып қойылыўындағы пайда ҳәм қарежетлер үйренилип шығылады, ресурслар жетерли болғанында ҳәмде пайда ҳәм қарежетлерден үстин келген жағдайда жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы қарар қабыл етиледи. Ҳәкимликлер жер участкасы алып қойыў ҳаққындағы қарар қабыл етиўине ўақилликли емес;
Ҳәкимлик яки инвестор ҳәм мүликдарлар арасында компенсация түри,муғдары ҳәм бериў мүддети келисиледи ҳәм усы келисиў нотариал тәртипте тастыйықланады.
Келисилген компенция берилмегенге шекем көшпес мүлклер бузып тасланыўына жол қойылмайды.
Буннан тысқары алып қойылған жер участкасы жайласқан имаратты бузыўда әдиллик органларының унамлы жуўмағынан кейин ғана әмелге асырылыўы белгиленди.
Атап өтиў лазым, жаңа тәртип күшке киргеннен соң (2020 жыл 1-январь) «снос» мәселесинде машқала болғаны жоқ.
       Демек онда мәселе неде?
Ҳәзирде  базы аймақларда айрым пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен яки нызамсыз ҳүжжет тийкарында ажыратылған жерлерде қурылған үй-жайлар белгиленген тәртипте бузылыўы режелестирилген.
Нызамсыз ҳүжжет әлбетте өз-өзинен қабыл етилмейди (таныс билис,коррупция бар екенлиги күндей рәўшан бирақ дәлил жоқ болғаны ушын бул ҳаққында жазбаймыз),бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўине жуўапкер болған шахслардың жуўапкершилик мәселеси әлбетте тийисли шөлкемлер тәрепинен көрип шығылады.
Атап өтиў лазым мәмлекетлик органының нызамсыз қарары ақыбетинде пуқараға яки юридикалық шахсқа жеткерилетуғын зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланады. Бундай зыянның орны мәмлекетлик органының бюджетинен тысқары қаржылары есабынан қапланыўы, егер ол жерде қарежетлер болмаса зыян мәмлекетлик бюджетинен қаплап бериледи.
Буннан тысқары 2019-жылда Жынаят кодексине жаңа статья қосылып,жер бериў тәртибин бузғанлығы ушын жуўапкершилик шарасы киритилди.
Бүгинги күнде пуқараларымыз тәрепинен аймақлардағы суўғарылған егин майданларында рухсатнамасыз,өзбасымшалық пенен қурылыс ислеў жағдайлары көп ушырамақта.
Өзбасымшалық пенен қурылған үй-жайлар болса өз аты менен белгили нызамсыз жерлерде,рухсатнамасыз,қурылыс нормаларын бузған жағдайда  қурылған имаратлар. Әмелдеги Пуқаралық Кодексине көре,өзбасымшалық пенен имарат қурған шахс оған мүлк ҳуқықын алмайды,оны сатыўға,саўға етиўге ижараға бериўге,имаратқа қарата басқа питимлер дүзиўге ҳакылы емес.
Бундай имаратлар 15 күн ишинде имаратты қурған шахс тәрепинен яки судтың қарарына тийкар имаратты қурған шахс есабынан бузып тасланыўы лазым. Сондай-ақ, бузыў жумыслары яки бузылған имарат ушын улыўма компенсация берилмейди.
Айтып өтиўимиз керек Ҳүкиметтиң 2019-жыл 16-ноябрьдеги 911-санлы қарарында өзбасымшалық пенен қурылған үй-жайдыңда қапланыўы лазымлығы белгиленген.
Соны умытпаўымыз керек,бунда компенсация пуқараларға нызамлы тәртипте тийисли болған жер участкаларындағы мүлклер «снос»қа түскенинде,онда жайласқан өзбасымшалық пенен қурылған турақ-жайлар ушын ғана төленеди.
Басқа ҳәр қандай ҳалатта өзбасымшалық пенен қурылған турақ-жайлар ушын компенсация төленбейди. Яғный жер ийелеп алынған ҳеш бир жағдайда компенсация төленбейди.
Конституциямызда белгиленгениндей, жер улыўма миллий байлығымыз есапланады. Усы орында оны асырап-абайлаў ҳәр биримиздиң миннетимиз екенлигин умытпаўымыз шәрт. Жерге байланыслы нызамлы мүнәсибетти қәлиплестириў болса мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан саналады.
Журтымызда аўыл хожалығына мөлшерленген 20,2 млн гектар жерлердиң тек ғана 20,7 пайызы суўғарылатуғын жерлер есапланады. Сонғы 15 жыл даўамында халық жан басына суўғарылатуғын жерлер 24 пайызға (0,23 га дан 0,16 шекем)кемейген.
Усы жағдайда әлбетте айрым шахслар тәрепинен нызамларды ашықтан-ашық бузған ҳалда жерлерди ийелеп алыўыда әлбетте роль ойнаған.
Мәмлекет халқының дерлик 16,4 миллионы (жәми халықтың 49,4 пайызы)аўыл аймақларында жасаўын есапқа алсақ, булл сыяқлы нызамсыз ҳәрекетлерге қатаң рәўиште гүресилмесе аўыл халқы бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик азық-аўқат қәўипсизлиги сыяқлы стратегиялық жүдә әҳмийетли мәселелер социаллық жарылыўды келтирип шығарады.
Соныда атап өтиўимиз керек мәмлекетимиз басшысы басламасы менен 2019-жыл 1-майға шекем өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға “амнистия”дағаза етилди. Усы аралықта 589 991 пуқараға өзбасымшалық пенен қурылған үй-жайларға мүлк ҳуқықы берилди. Бул жүдә үлкен көрсеткиш. Мәмлекет тәрепинен имканият берилди,бирақ усы имканияты пайдаланып және нызамсыз жерлерде турақ-жайларды қурып алыў болса, айрым пуқаралар тәрепинен орнатылған тәртиплерди ашықтан-ашық менсинбегенлигин аңлатады. Бундай жағдайда мәмлекетлик органлардың позициясы анық.Нызамсыз имарат бузылады, айыпкер жуўапкершиликке тартылады.
Усы орында сораў туўылады нызамды бузған жағдайда өзине тийисли болмаған жерде турақ-жай қурып алған пуқаралар машқаласын «снос» ретинде баҳалап,жәмийетшилик пикирин шалғытыўдан неге умытылмақта?

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими
«Ҳуқуқийахборот» телеграм каналынан