Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Алып барылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар, сондай-ақ, Салық нызамшылығындағы жаңа өзгерислер темасында баспасөз конференциясы болып өтти


Бүгин  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Салық басқармасы менен биргеликте "2019-жыл даўамында алып барылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар, сондай-ақ, Салық нызамшылығындағы жаңа өзгерислер" темасында баспасөз конференциясы болып өтти.
Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тийисли тараў басшылары, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Салық басқармасы тийисли ўәкиллери, Республика Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Хабарыңыз бар, 2019-жыл 30-декабрь сәнесинде “Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабылланып Салық Кодекси жаңа редакцияда қабыл етилди
Баспасөз конференцияда қәнигелер тәрепинен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамның мазмун-мәниси, Жаңа редакция тийкарында артықша төленген салықларды қайтарып алыў тәртиби, исбилерменлик субьектлери ушын тексериў түрлери, Физикалық шахслар ушын жаңа өзгерислер, арнаўлы салық режимлериниң бийкар етилиўи ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Пресс-конфереция даўамында Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тараўға тийсли сораўларына жуўаплар алды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими