Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

09

Өзбекстан Республикасы әдиллик министри орынбасарының нәўбеттеги көшпели ҳәм жеке қабыллаўы Қарақалпақстан Республикасында өткерилди


Усы жылдың 9-декабрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары-Интеллектуаллық мүлк агентлиги директоры Абдусаттаров Тулқин Сайфуллаевич тәрепинен қабыллаўлар шөлкемлестирилди.
Қабыллаўда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң 19 мүрәжати қабыл етилип,онда жер кредит, пенсия сондай-ақ, социаллық мәселелер, яғный емлениў ушын жоллама бериў, нагиранлығын белгилеў сыяқлы мәселелер көрсетилген.
Қабыл етилген мүрәжатлердиң көпшилиги усы күнниң өзинде унамлы шешилди. Атап өтетуғын болсақ,пуқара В.Шалимованың емлениўи ушын жоллама сораған Х.Ахмеджанованың нагиранлық арбасы ушын жоллама сораған мүрәжатлери қанаатландырылып, жоллама ҳәм нагиранлық арбасы тапсырылды.
Министр орынбасары тәрепинен қабылланған мүрәжатлердиң барлығының орынлаўы қадагалаўға алынды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм агартыўшылық бөлими