Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлигинде “Family day” шөлкемлестирилди


Усы жылдың 23-ноябрь күни Қарақалпакстан Республикасы Әдиллик Министрлигинде “Family day” (Шаңарақ күни) жойбары шөлкемлестирилди.
“Family day” жойбарының тийкарғы мақсети  жас әўладлар санасында әдиллик,тәртип нызам  түсиниклерин қәлиплестириў,сондай-ақ,олардың  ҳуқық тараўына деген қызығыўшылығын арттырыў  болып табылады.
Жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлигинде жумыс алып баратуғын  хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары,перзентлери ата-аналарының жумыс алып барыў усыллары,искерликлери менен жақыннан танысты. Ата-анамыз қәйтип жумыс алып барады? деген сораўларына жуўаплар алды.
Илаж даўамында  Қарақалпакстан Республикасы Әдиллик Министрлиги тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.
“Family day” түрли интерактив ойынлар, интеллектуллық викториналар менен даўам етти.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық
бөлими бас мәсләҳәтшиси А.Отарбаев