Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Коррупцияға қарсы гүрескен жаслар сыйлықланды


2019-жыл 20-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде  Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша шығармалар таңлаўының Қарақалпакстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Таңлаў тийкарынан Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Прокуратура, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм қатар бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилди.
Таңлаў 2 топарға бөлинген ҳалда, 1-топарда улыўма билимлендириў мектеплери ҳәм лицей, колледж оқыўшылары, 2-топарда жоқары оқыў орынлары студентлери арасында 3 басқышта өткерилди.
Таңлаўдың 1-басқышы район (қала) көлеминде өткерилип онда 954 окыўшылар ҳәм 328 студент қатнасып, “Коррупция ҳәм мен” атамасында шығармалар жазды, соннан 48 оқыўшы, 2-топар бойынша таңлаўдың
1-басқышы жоқары оқыў орынлары тәрепинен өткерилип, 9 жоқары оқыў орынларынан 27 студент  Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.  
Қарақалпақстан Республикасы басқышында қатнасыўшылар арасынан 1-топар бойынша  Нөкис қаласындағы 46- улыўмабилимбериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Тамара Скрипкина 1-орын, Қоңырат районы 52-санлы улыўмабилимбериў мектебиниң  10-класс оқыўшысы, Дилназа Жалғасбаева        
2-орынды, Қанлыкөл районы 24-санлы улыўмабилимбериў мектебиниң  11-класс оқыўшысы Наубахар Дарибаева 3-орынды ийеледи. Сондай-ақ, 2-топар бойынша Қарақалпак мәмлекетлик университети студенти Турдибек Наурызбаев 1-орынға Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институты студенти Тоҳир Ешназаров
2-орынға, Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институты студенти Моҳира Напасова 3-орынға  ылайық деп табылды.

Илаж даўамында таңлаў шөлкемлестириўшилери жеңимазларға баҳалаы саўғаларын тапсырды ҳәм кейинги Өзбекстан Республикасы басқышында қатнасыўда әўмет тиледи.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими
А.Отарбаев