Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

“Сайлаў нызамшылығы үгит-нәсият айлығы” шеңберинде нәўбеттеги семинар


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен “Сайлаў нызамшылығы үгит-нәсият айлығы” шеңберинде нәўбеттеги семинар
2019-жыл 14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында өткерилди.
Семинарда министрликтиң Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Отеулиев қатнасыўшыларға сайлаў нызамшылығы мазмун-мәниси, сайлаўларда қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби, болажақ сайлаўлардың мәмлекетимиздиң сиясий, социал-экономикалық турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.
Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.