Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Сайлаўшылардың сайлаў ҳуқықы


Ҳәммемизге мәлим, усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди. Быйылғы сайлаў “Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар” сүрени астында өткериледи ҳәмде өткен сайлаўларға қарағанда бир қанша өзгешеликлериге бай. Атап айтқанда Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи, 150 аймақлық сайлаў округлериниң дүзилиўи, сайлаўшылардын бирден-бир электрон дизиминиң дүзилиўи, сондай-ақ қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларын шөлкемлестирилиўи усылар қатарынан.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 10-статьясына муўапық қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкинлиги белгилеп қойылған ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў тәртиби ҳақкындағы реже тастыйықланды. Бул реже менен қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкасын дүзиў, участка сайлаў комиссияларын қәлиплестириў ҳәм даўыс бериўди шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
Бунда қамақта сақлаў орынларында услап турылған ҳәмде қамаққа алынған сондай-ақ, социаллық кәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаят ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар даўыс бериў ҳуқықына ийе екенлиги көрсетип өтилген. Аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды.
Сайлаў участкалары, қағыйда ретинде, кеминде жигирма ҳәм көби менен үш мың сайлаўшыдан аспаған ҳалда дүзиледи. Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанында, айырым жағдайларда болса сайлаўға кеминде жети күн қалғанда дүзиледи. Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынлары басшыларының усынысына тийкар сайлаў участкалары округ сайлаў комиссиясы қарары менен дүзиледи. Бул сайлаў участкалары олар жайласқан аймақтағы сайлаў округларына киреди.
Қамақта сақлаў орынларында услап турылған ҳәмде қамаққа алынған сондай-ақ, социаллық қәўипи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларындағы сайлаўшылар дизимине киргизиледи. Бунда қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкалары бойынша сайлаўшылардың дизимлери усы мәкемелер басшылары тәрепинен усынылған мағлыўматлар тийкарында участка сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.
Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында даўыс бериў ҳаққында айтып өтетуғын болсақ усы мәкемелердиң ишки тәртип-қағыйдалары, режими ҳәм олардың басқа өзине сай өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда Сайлаў кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 23-июлдағы 924-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисинин Нызамшылық палатасына, халық депутатлары ўәлаят, район ҳәм қала Кеңеслерине сайлаў өткериўши участка сайлаў комиссияларының искерлик тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық шөлкемлестириледи.
Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларының ишки тәртип-қағыйдалары ҳәм режиминен келип шығып, сайлаўшылар даўыс бериў имаратына киши топарларға бөлинген ҳалда алып келинеди.
Сайлаў участкасы дүзилмеген мәнзил-колонияларында бириктирилген участка сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўшыларға турған орнынан даўыс бериў шөлкемлестириледи.
Бириктирилген участка сайлаў комиссиясы усы сайлаўшыларды сайлаўшылар дизими қосымшасына киргизеди. Даўыс бериў имаратына келген соң сайлаўшылар дизимге қол қояды. Соннан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.
Сайлаў бюллетени сайлаўшы тәрепинен жасырын даўыс бериў кабинасы ямаса бөлмесинде толтырылады. Сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында сайлаўшыдан басқа шахслардың болыўы қадаған етиледи.
Сайлаўшы өзи жақлап даўыс берип атырған талабанның фамилиясы тусына, оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» яки «» ямаса «х» белгисин қояды. Сайлаўшы толтырылған сайлаў бюллетенин сайлаў қутысына таслайды.
Қамақта сақлаў ҳам еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларында участка сайлаў комиссиясы, егер дизимге киргизилген барлық пуқаралар даўыс берип болған болса, қәлеген ўақытта даўыс бериў тамамланғанлығын жәриялаўы мүмкин.
Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларында сайлаў қутыларын саат 20:00 ден алдын ашыў ҳәм даўысларды санап шығыўға жол қойылмайды.
Қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участка сайлаў комиссиялары Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы жуўмақларын шығарылғаннан соң, тийисли сайлаў округлеринен сайланған Нызамшылық палатасы депутатлары Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен, жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлар ўәлаят, район, қала сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғанан кейин өз искерлигин тамамлаўы белгилеп қойылды.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиўимиз керек, болып өтетуғын сайлаўларда ҳәр бир пуқараның даўысы үлкен әҳмийетке ийе ҳәм биз даўыс берип атырған ўәкилимиз мәмлекет раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосады деп исеним билдиремиз.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министриниң орынбасары                Э.Турсунов
Нөкис қаласы
2019-жыл 13-ноябрь