Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Ҳәр бир сайлаўшының даўысы әҳмийетке ийе


Сайлаў – бул ҳәр бир пуқараның конституциялық ҳуқықы есапланады. Пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларда көрсетилген ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен кепилленеди.
    Сайлаў нызамшылығын жетилистириў, пуқаралардың сайлаў ҳуқықын кепиллениўин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы сайлаў нызамшылығында бир қатар жаңалықлар болды.
    Атап айтқанда, 2019-жыл 25-июнь күни Өзбекстан Республикасында сайлаў тараўындағы қатнасықларды тәртике салыўшы бирден бир ҳүжжет - Сайлаў кодекси тастыйықланды. Алдынлары бул тараўдағы қатнасықлар бир неше нызамлар менен тәртипке салынатуғын еди ҳәм усы Нызамлар Сайлаў кодекси тастыйықланыўы менен өз күшин жойтты.
    2019-жыл 4-сентябрь күни сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм басқа бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилди.
Алдын Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясында суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес деп табылган пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинликтен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайланыўы мүмкин емес ҳәм сайлаўда қатнаспайды деп белгиленген еди.
Киргизилген өзгерислерге муўапық, суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес деп табылган, сондай-ақ аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинликтен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды деп белгиленди. Яғный жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр емес жынаятты ислеген шахслар сайлаўшы сыпатында қатнаса алады.
Сайлаў Кодексине муўапық сайлаў күни он сегиз жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе есапланады.
Демек шет елде жасаўшы Өзбекстан Республикасы пуқаралары да сайлаўларда қатнасады. Олардың сайлаўлардағы қатнасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 2019-жыл 22-октябрь күни 966-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасының шет мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери жанында сайлаў участкаларын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында”ғы Реже менен тәртипке салынады.
Режеге тийкар шет елде жасаўшы пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларын сайлайды.
Сырт елдеги сайлаў участкаларында Халық депутатлары ўәлаят, район ҳәм қала Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўлар бойынша даўыс бериў шөлкемлестирилмейди.
    Өзбекстанның сырт ел мәмлекетлериндеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкин. Усы участкаларды округке бириктириў ҳаққындағы мәселе Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шешиледи.
2019-жыл 1-ноябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының 971-санлы қарары қабыл етилип, сырт ел мәмлекетлеринде дүзилген 53 сайлаў участкасы республикамыздағы 12 сайлаў округине бириктирилди.
2019-жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасының “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилип, бул Нызам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм өткериў менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салады.
2019-жыл 22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўларда сайлаў өткериў ушын Қарақалпақстан Республикасында Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 сайлаў округлери ҳәм 622 сайлаў участкалары дүзилген.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен халқымызға сайлаў нызамшылығын түсиндириў бойынша ис-илажлар режеси тастыйықланып, республикамыздың барлық аймақларында сайлаўшылар ушын ушрасыў ҳәм семинарлар шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳаққында турақлы түрде министрликтиң социаллық тармақлардағы бетлеринде мағлыўматлар жайластырылып келинбекте.
Бундай үгит-нәсият жумысларын алып барыўдан тийкарғы мақсет ҳәр бир сайлаўшының сайлаў бойынша ҳуқықый билимлерин асырыў, оларды сайлаўда белсене қатнасыўға шақырыўдан ибарат. Себеби сайлаўда ҳәр бир пуқараның даўысы үлкен әҳмийетке ийе.
Бүгин биз даўыс берген талабан – ертеңги күни бизиң ўәкилимиз сыпатында мәмлекетимиз раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосатуғын депутат болыўы лазым.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министри                                        С.Худайбергенов

Нөкис қаласы
2019-жыл 13-ноябрь