Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Сайлаўда бақлаўшылар: - ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары


Республикамызда усы жылдың 22-декабрь күни мәмлекетимизде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығы, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине сайлаў болып өтеди. Бул сайлаў мапазы елимиз тарийхында оғада әҳмийетли жәмийетлик сиясий ўақыя есапланады.
Сайлаў жәмийетте ҳәр бир пуқараның конституциялық ҳуқықы болып, пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен беккемленген ҳуқықлары жүзеге шығарыўдың бир формасы болып ол мәмлекет тәрепинен кепилленеди.
Президентимиз басламасы менен Сайлаў нызамшылығын жетилистириў мақсетинде 2019-жыл 25-июнь күни Өзбекстан Республикасында сайлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы бирден бир ҳүжжет - Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси тастыйықланды. Бүгинге шекем  Сайлаў процесси қатнасықлар тийкарғы бес Нызам менен тәртипке салынатуғын еди ҳәм усы Нызамлар Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи менен өз күшин жойытты.
Сайлаў кодексинде сайлаўлар улыўмалық, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў арқалы өткериледи. Сайлаў ашық ҳәм әшкаралықта өткериледи.
Сайлаў кодексиниң сайлаўға таярлық көриў ҳәмде оны өткериўдеги ашықлық ҳәм әшкәралық ҳаққындағы 8-статьясында «Сайлаўға таярлық көрииў ҳәмде оны өткериў мене байланыслы бәрше илажларда,сондай-ақ сайлаў күни даўыс бериў ханаларында ҳәм даўысларды санап шығыўда басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкмлерден бақлаўшылар қатнасыў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп берилген. Сондай-ақ Сайлаў кодексиниң 33-статьясында бақлаўшылардың ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары анық көрсетилген.
Сайлаўларда басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылардың қатнаса алыўы елимизде өткерилетуғын сайлаўлардың ашық-айдынлығын ҳәм нызамлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли есапланады. Усы жылғы сайлаўда Европа Қәўипсизлик ҳәм Бирге ислесиў шөлкеми, Демократиялық Институтлар ҳәм Инсан Ҳуқықлары Бойынша Бюросының толык миссиясының қатнасыўы күтилмекте.
Европа Қәўипсизлик ҳәм Бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерде болып өтетуғын ҳәр қандай сайлаўларда бақлаўшылар қатнасыўының мақсети ҳәм әҳмийети сонда, олар сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўдиң халықаралық стандартларға жуўап беретуғынлығы, даўыс бериў процесси, сайлаўлардың өткерилиўинде халықаралық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң бузылмағанлығын бақлайды. Халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел мәмлекетлери ўәкиллеринен басқа мәмлекетимизде искерлик жүргизип атырған сиясий партиялар, өзин-өзи басқарыў органларының ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де тиккелей бақлап барады.
Сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларына муўапық өткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл
19-сентябрдеги 938-санлы Қарары менен «Өзбекстан Республикасы сайлаўларында сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлеринен қатнасатуғын  бақлаўшылар ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.
Бақлаўшы – бул сайлаўға таярлық көриў ҳәмде оны өткериў менен байланыслы барлық илажларда, сондай-ақ сайлаў күни даўыс бериў ханаларында ҳәм даўысларды санап шығыўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған шахс есапланады.
Сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғаннан соң Орайлық сайлаў комиссиясы сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлерге Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги арқалы мирәтнамалар жибериледи. Бул өз гезегинде сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлерде сайлаўларда сырт ел бақлаўшысы ретинде қатнасыў ҳаққында қәлеўин билдирип, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине мүрәжат етиўине мүмкиншилик жаратады. Олар жоқарыда көрсетилген Режеде белгиленген ҳүжжетлерди даўыс бериў күнинен кеминде он бес күн алдын усыныўы лазым болады.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тийисли сырт ел мәмлекетлери, халықаралық шөлкемлер бақлаўшыларының ҳүжжетлерин Орайлық сайлаў комиссиясына усынады ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы бес күнлик мүддетте сырт ел бақлаўшыларын аккредитация етиў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Аккредитация-лат. «исеним билдириў», шахстың басқа мәмлекетте ямаса халықаралық шөлкемде анық бир мәмлекеттиң ўәкили етип тайынланғанлығын билдиреди. Аккредитация етилген сырт елли бақлаўшылардың дизими Орайлық Сайлаў Комиссиясының (ОСК) рәсмий веб-сайтында жәрияланады. ОСКда аккредитация етилген сырт ел бақлаўшысына мандат бериледи.  Мандат сырт ел бақлаўшысы сайлаўға  таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өз искерлигин әмелге асырыў ушын тийкар болады ҳәмде өз ўәкиллиги шеңберинде ҳәрекет етиўи лазым. Бақлаўшылар сайлаў комиссияларының мәжлислеринде қатнасыў, сайлаў участкасында болыў, таярлық ислериниң барысын, жасырын даўыс бериў кабиналарының ямаса бөлмелериниң жайластырылыўын ҳәм сайлаў қутыларының мөрлениўин, пуқаралардың дизимге алыныўын, сайлаў бюллетенлериниң оларға берилиўин бақлаўға ҳақылы.
Усы орында бақлаўшыларға сайлаў процессинде қадаған етилген ҳәрекетлер ҳаққында тоқталып өтетуғын болсақ, бақлаўшылар сайлаўшы сайлаў бюллетенине өз белгисин қойып атырған ўақытта жасырын даўыс бериў  кабинасында ямаса ханасында болыў, пуқараларға тәсир өткериў, қандай да бир агитация материалларын ямаса әдебиятларын тарқатыў, сайлаў комиссияларының искерлигине, соның менен бирге сайлаў қутыларын мөрлеў, оларды ашыў, даўысларды санап шығыў процессине араласыў, қандайда бир партия ямаса талабанға тийисли нызамлы түрдеги  белгилерди тағып ямаса алып жүриў қадаған етиледи.
Сырт елли бақлаўшылардың ўәкиллик мүддети оларға мандат берилген күннен басланады ҳәм сайлаў жуўмақлары рәсмий жәрияланған күни тамамланады. Олар Өзбекстан Республикасы аймағында болыў ўақтында Өзбекстан Республикасы қорғалыўында болады ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқық ҳәм еркинликлери тәмийинленеди.

Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министриниң
биринши орынбасары                            Атажанов Алишер Ерполатович

Нөкис қаласы
2019-жыл 13-ноябрь