Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Бозатаў районында жаңа қарардың мазмун-мәниси түсиндирилди


Бозатаў районында жаңа қарардың мазмун-мәниси түсиндирилди
Хабарыңыз бар, 2019-жыл 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў ис- илажлары ҳаққында ”ғы Қарары қабыл етилди.
    Усы Қарардың мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Э.Турсунов тәрепинен Бозатаў районында шарўашылық фермер хожалықлары ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўды қәлеўши шахслар ушын ушрасыў өткерилди.
Қарар менен, Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия шөлкемлестирилди. Шарўашылықты раўажландырыўдағы исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, шарўашылық тараўына халықты кеңнен тартыў, олардың шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў  Комиссияның тийкарғы ўазыйпаларынан етип белгиленди.
Қарар менен Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы жанында Ветеринария техникумы шөлкемлестирилди.
Қарарға көре, Филиал бакалавриатына  2020/21-2022/23-оқыў жылларында қабыл параметрлерин қәлиплестириўде Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында 5 жыл ислеп бериў шәрти менен усы районлар бойынша мәмлекетлик гранты тийкарында айырықша мақсетли қабыллаў көрсеткишлери нәзерде тутылады.
Сондай-ақ, Қарар менен Қарақалпақстанда шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы ис- илажлар дәстүри, Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында пайдаланылмай атырған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў менен байланыслы ис-илажлар  тастыйықланды.


Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги  
жетекши мәсләҳәтшиси                                                                            Насиба Кутлымуратова