Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

«Сайлаў нызамшылығының үгит-нәсият айлығы»на бағышланған баспасөз конференциясы.


«Сайлаў нызамшылығының үгит-нәсият айлығы»на бағышланған баспасөз конференциясы.
Усы жылдың 5-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Халықара баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлиминде (Қарақалпақстан Жаслар орайы мәжлислер залында) «Сайлаў нызамшылығының үгит-нәсият айлығы» темасына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.Бунда Сайлаў нызамшылығына байланыслы толық түсиниклер берилди ҳәм өз-ара пикирлесиў ҳәмде сораў-жуўаплар болды.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы, Әдиллик министрлиги бөлим баслығы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы хызметкери, Халықаралық  Баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлими ағзалары, «Юксалиш» улыўма милий ҳәрекети Қарақалпақстан бөлими баслығы, сондай-ақ, жергиликлибасқада ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.