Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

2019 - ЖЫЛ 1-НОЯБРДЕН БАСЛАП НЕЛЕР ӨЗГЕРЕДИ?


2019-ЖЫЛ 1-НОЯБРДЕН БАСЛАП НЕЛЕР ӨЗГЕРЕДИ?

1. Мобил қурылмалар дизимге алынады.
Өзбекстан аймағында пайдаланылып атырған, сатыў ямаса жеке пайдаланыў ушын алып кирилетуғын ҳәм ислеп шығарылатуғын мобил қурылмалар физикалық шахслар, импорт етиўшилер ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханалардың мобил қурылмаларды халықаралық өзине сай идентификация кодлары бойынша дизимге алыў системасына мүрәжат етиў арқалы 2019-жыл 1-ноябрден бийпул, 2019-жыл 1-декабрден болса пуллы тийкарда дизимге алынады.

2. Есаплағышлар тек ғана МХО ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы стандарттан өткериледи.
2019-жыл 1-ноябрден баслап есапқа алыў үскенелерин стандарттан өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады.
Бунда, есапқа алыў үскенелерин стандартлаў даўамлығы:
- юридикалық шахслар ушын – 4 жыл;
- физикалық шахслар ушын – 8 жылды қурайды.

3. Тутынған ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи.
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды шаңараққа тәрбияға (патронат) алып атырған ямаса шаңарақлық балалар үйи шөлкемлестирип атырған пуқараларды таярлаў мақсетинде «Меҳрийбанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларында Тутынған ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

4. Алкоголь өнимлериниң баҳасы өзгереди.
2019-жыл 1-ноябрден 1 литр таяр алкоголь өними (пиводан тысқары) ушын ең кем усақлап сатыў ҳәм көтере баҳа тийислилигинше:

вино – 8600 сум ҳәм 10200 сум (алдын 8000 сум ҳәм 9600 сум);
коньяк – 31 000 сум ҳәм 36 600 сум (алдын 29 000 сум ҳәм 34 600 сум);

арақ ҳәм басқа алкоголли өнимлер – 22 000 сум ҳәм 26 000 сум (алдын 19 400 сум ҳәм
23 200 сум) етип белгиленди.

5. Суў хожалығы министрлиги кеңсе ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы асады.

Суў хожалығы министрлиги кеңсе ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына 2019-жыл 1-ноябрден 1,1 ҳәм 2020-жыл 1-январдан 1,2 муғдарда дүзетиў коэффициентин қоллаў есабына олардың ис ҳақысы асырылады.

6. Суў қудықларын қазыў ушын рухсатнама тийисли кеңселер менен келисилгеннен кейин бериледи.

2019-жыл 1-ноябрден 2021-жыл 31-декабрге шекем Нурота, Қўшработ ҳәм Зомин районлары шеңберинде жайласқан кәнлер аймағында суў алыў ушын қудықларды қазыўға рухсатнама (халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў ушын мөлшерленген қудықлардан тысқары) Геология ҳәм минерал ресурслар мәмлекетлик комитети тәрепинен жуўаплы кеңселер менен келисилген ҳалда бериледи.

7. Жоқары  туристик потенциаллы пуқаралар жыйынларының дизими дүзиледи.

Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети ең жоқары туризм потенциалына ийе болған пуқаралар жыйынлары дизимин қәлиплестиреди. Сондай-ақ, усы пуқаралар жыйынлары аймақларында 20 дан кем болмаған шаңарақлық мийман үйлери шөлкемлестирилгенде ҳәм туристлер ушын кеминде бес түрли хызмет түрлери көрсетилген жағдайда оларға “Туризм мәҳәллеси”, “Туризм қишлағы” ямаса “Туризм аўылы” статусын береди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими.