Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Алдымыздағы сайлаўлар жаңа шараятта, жаңа ҳуқықый тийкар – Сайлаў кодексине әмел еткен ҳалда өтеди.


Сайлаў ҳаққында сөз болса, ол өз аты менен кимдидур, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын сайлаў ямаса таңлаў процесси екени түсиниледи. Сайлаўда кандидатурасы қойылған, сайланатуғын шахс болса, халықтың, мәмлекеттиң кейинги турмысында оғада әҳмийетли, шешиўши орын ийлейди. Яғный ол мәмлекетлик басқарыўында қатнасады.
    Демек биз кимдидур сайлар екенбиз, әне сол ҳуқықымызды оған исенип тапсырамыз. Айтайық депутатлыққа кандидаты қойылған талабанға даўыс бердиңиз. Ол сайланғаннан кейин сиз ҳәм сиз сыяқлы оған даўыс берген адамлар атынан жумыс алып барады.
    Сондай-ақ, ҳәрбир пуқараның өзиде сайланыў ҳуқықына ийе.
    Бир қарағанда жүдә әпиўайы, бирақ, нәтийжеси ямаса ақыбети оғада жоқары болған сайлаў процессине итибарсызлық пенен қарап болмайтуғынын енди түсинген шығарсыз.
    Пүткил дүньяда сайлаўларға айрықша итибар менен қаралады. Өйткени сайлаўлар арқалы мәмлекетлик ҳәкимияттың бас буўыны қәлиплестириледи. Мәмлекетлик басқарыўға мүнәсип адамлардың келиўи мәмлекеттиң тек ғана кейинги тәғдирин емес, ал дүньядағы орнын да белгилеп береди.
     Сонлықтанда раўажланған мәмлекетлерде сайлаўлар күшли бәсеки, тартысыү ҳәм қатаң гүресиўлер астында өткерилетуғынлығы сыр емес. Енди өзимизде болған сайлаўларға нәзер тасласақ, бизде сайлаудың ақыбетин терең аңлап даўыс бериўшилер көпшиликти курайды, деп айта алмаймыз. Бул гәплер, әлбетте, Президент сайлаўына байланыслы емес. Бул сайлаўдың әҳмийетин халқымыз жүдә жақсы тусинеди ҳәм соған жараса мүнәсибетте болғанлығын 29\016-жыл 4-декабрьде болып өткен Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў анық көрсетти.
    Бирақ парламентке, жергиликли Кеңеслерге болатуғын сайлаўларға болған мүнәсибет, анығын айтқанда бундай емес. Бул сайлаўға көпшиликтиң ықтыярлы түрде емес мәжбүрликтен баратуғыныда сыр емес. Мәҳәлледен ямаса сайлаў комиссиясынан айтты ямаса бармасам коңсылардың алдында  қолайсыз, деп сайлаўға баратуғынлар көплеп табылады. Талабанлар ҳаққында анық түсиникке ийе болмай турып, биреўин шамалап таңлап даўыс бериў жағдайлары болмаған десек жалған айтқан боламыз.
    Әлбетте, мүнәсип емес депутат ямаса сенатордың парламенттен орын ийелеўинде биринши гезекте сайлаўшының үлеси, айыбы бар екенлигин айтыў керек. Ақыры ҳәрбир пуқараның сайлаўда даўыс бериўдей ҳуқықы қутыға бир бөлек қағаз таслаўдан ибарат емес.
    Өзлигин аңлаған, келешегине бьийпәрўа болмаған ҳәрбир инсан ямаса лайлаўшы даўыс бериўдиң ақыбетин толық аңлаўы зәрүр. Еле сайлаў басланбай турып, булл процесстиң төркининде нежатыр, қандай нәтийже береди, деген сораўларға ҳәр биримиз ойланыўымыз керек.
    Сайлаўда биринши мәртебе қатнасатуғын жаслар. Шынындада, инсан ер жетер екен, яғный 18 жасқа толғаннан кейин, ол жәмийетте өз орнына ийе шахсқа айланады. Ол пикирн билдириў, даўыс бериў ҳуқықына ийе болады. Жәмийетте ямаса мәмлекетте өз гезегинде, оның пикир усынысы менен есапласады.
    Дурыс, бүгинги жасларымыз мәлимлеме технологияларын, заманагөй билимлерди ийелеп атырған саналы ул-қызлар есапланады. Бирақ биз оларды ер жеткенине шекем тәрбиялаўда тек ғана ҳуқық ҳәм миннетлемелерин улыүқмалық тәртипте түсиндириў менен шекеленип қалмақтамыз, десем асыра айтқан болмайман. Сиясий сана, сиясий жетиклик сыяклы түсиниклерди еле ер жетсе билип алады, деген көз қарасларда жоқ емес. Бирақ, ер жеткен жигит-қызлардың сиясий ьилимлерине нәзер тасланса, булл надурыс көзқарас екенлиги сезилмекте. Мине усы кемтикликлерге итибар қаратыў ҳәм сапластырыў ўақты келди. Жуўапкер қәнийгелеримиз перзентлеримизде балалығынан сиясий мәдениятты қәлиплестириўге итибар қаратыўы жүдә зәрүр. Өйткени, ер жеткен шахс сиясий майданға саналы түрде кирип келиўи керек.
    Хабарыңыз бар, 2019-жылдың декабрь айында мәмлекетимизде парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Жақында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси булл әҳмийетли сиясий процесске таярлықтың басланыўы болды. Кодекс сайлаў өткериў процессиниң ҳуқықый тийкарларын белгилеп береди.
    Сайлаў кодексиниң ең әҳмийетли тәрепи ҳәм ондағы жаңалықлар нелерден ибарат?
    -Кодекстиң ең әҳийетли тәрепи – оның хылықшыллығы, деп биймәлел айтыўға болады. Оның жаратылыўында тек ғана сайлаў бойынша топланған тәжирийбе емес, ал, халқымыздың әсирлер сынағынан өткен миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлери де оның идеялық жақтан мазмунына сиңдирилгенлиги буған тийкар жаратты.
    Кодекске бола, сайлаўлар, улыўма тең, тийккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында даўыс бериў арқалы ашық-айдынлықта  өткериледи.
    Сайлаў кодексинен усы ўақытқа шекем миллий сайлаўшылығымызда болмаған онлаған жаңа норма ҳәм қағыйдалар орын алды, әмелде болған айырым тәртип-қагыйдалар бийкар етилди. Соның ишинде, Олий Мәжилис Нызамшылық палатасында әмелдеги 150 депутатлық орын сақлап қалынған ҳалда, депуталық орынлары ушын Өзбекстан экологиялық ҳарекети ўәкиллерине квота ажыратыў тәртиби бийкар етилди.
    Енди депутатлыққа талабан көрсетиў текғана сиясий партиялар тәрепинен әмелге асырылады. Бурынлары бундай имкәният пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, инталы топарлар да бар еди. Сиясий партиялардың абыройын арттырыў, олар арасында саламат бәсекини күшейтиў көзқарасынан усы тәртип еңгизилди.
    Пуқаралардың өзин¬-ози басқарыў уйымбарының ўәкиллери сайлаўда дәслепки рет бақлаўшы сыпатында қатнасып (бул қурамда барлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң әкиллери де бар), оның қалыс, ашық айдын өтеўин тәмийнлеўге үлес қосады.
    Және бир жаңалық, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизим қәлиплестириледи ҳәм ол кодекс пенен тәртипке салынады. Сиясий партиялар тәрепинен қол таңба жыйнаў процессинде сайлаўшылар оннан кейин бир ямаса бир неше талабанды ямаса партияны коллап-қуўатлап қол қойыўы мүмкин.
    Нызамшылық палатасына, жергиликли Кенеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда бирден-бир сайлаў участкалары дүзиледи. Сайлаўда даўыс бериў ўақтының басланыў бурын 6.00де еди. Бул болса сайлаўлар қыс күнлеринде участкаларда жумыс алып барыўшыларға, әлбетте, қыйыншылық туўдырған. Соны есапқа алып ҳәм халықтың усынысы тийкарында бул ўақыт 8.00 етип белгиленди.
    Кейинги үш жыл мәмлекетмиз тарийхында жаңа процесслер өтип атырғанлығы менен дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартпақта. Адамларымыздың ўақыяларға болған көзқараслары да пүткиллей өзгерди. Сайлаўда соған байланыслы, ягңый, шын мәнисинде жоқары демократиялық түрде өтиўи керек. Мәмлекетте өткен сайлаўдың хлық-аралық көлемде тән алыныўы усы елге болған көзқарасты белгилеп береди. Мәмлекеттиң абырой мәртебеси беккемленеди, елимизге болған қызығыўшылық, тилеклеслик артады. Бул болса, өз-өзине сырт ел инвестицияларынада кеңнен жол ашады.

Караөзек районы әдиллик
бөлими баслығы                                                              
О.Джуманиязов