Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ СИСТЕМАСЫНДА БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ ҚОРҒАЛЫЎЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ


Ҳәр қандай алдағы раўажланған демократиялық мәмлекетлерге тән болған белгилердиң бири – бул инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәм олардың нызамлы мәплериниң қорғалыўы болып есапланады. Усы өлшем пукаралық жәмийети ҳәм ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы өлшемлериниң бири болып есапланады.
Бирақта, тәжирийбе соны көрсетеди, көпшилик жағдайда инсан ҳуқықлары дегенде үлкен жастағы халық нәзерде тутылады да, балалар болса итибардан тыста қалады.
Өзбекстан Республикасында бәрше пуқаралар ҳуқықый қатнасықлардың субьектлери есапланады. Бизге белгили, ҳуқықый қатнасықлар субьекти дегенде, нызам менен белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлерге ийе болған шахслар түсиниледи. Мәмлекет халықтың басқа қатламларын қорғаў менен биргеликте ержетпеген шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин қорғаўды да нәзерде тутады.
Бул бағдарда халықаралық ҳуқықта да, соның менен қатар бизиң миллий нызамшылық базамызда да бир қанша ҳуқықый нормалар өз негизин тапқан, ал айырым халықаралық ҳуқық нормалары болса миллий ҳуқық системамызға имплементация етилди.
“Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Конвенциясының 1-статьясы, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 22, 27, 29-статьялары, Шаңарақ Кодексиниң 71-статьясы мазмун әҳмийетинен келип шығып соны айтыў мүмкин, 18 жасқа толмаған шахс бала есапланады (эмансипация ҳалаты буннан тысқары). Бала ҳуқықларына тийисли дәслепки ҳуқықый тийкарға 1924-жылғы “Бала ҳуқықлары Женева Декларациясы” ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1959-жыл 24-ноябрде қабыл етилген “Бала ҳуқықлары Декларациясы”да, 1966-жылы қабыл етилген “Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққында”ғы, “Социаллық, экономикалық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққында”ғы Халықаралық Пактлердиң қатар нормаларында, сондай-ақ, жоқарыда қабыл етилген ҳүжжетлер тийкарында 1989-жылы 20-ноябрде “Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы конвенцияда беккемленген.
Буннан тысқары, бала ҳуқықлары саласындағы нызамшылықты еледе беккемлеўге қаратылған оғада әҳмийетли болған ҳүжжжетлердиң бири – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-апрель күни “Бала ҳуқықлары кепилликлерин жәнеде күшейтиўге байланыслы қосымша
ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4296-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар талапларына көре, буннан былай ата-ана қарамағысыз қалған балаларға муниципал ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондындағы өзлери жасап турған турақ жайларды олар “Меҳрийбанлық” үйлерине жайластырылған, қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымының разылығына көре қәўендерлик ҳәм әменгерликке алыўшы менен бирге жасап атырған пүткил ўақыт даўамында, он сегиз жасқа толғанға шекем бронластырыў ҳуқықы берилиўи, балалардың дизимде турыў орны ҳәм пуқаралығынан тысқары, оларға бәрше социаллық хызметлер көрсетилиўи, балалардың мәмлекетлик уйымларына тиккелей қылған мүрәжатларын толық көрип шығыў кепиллениўи ҳәм бала толық қатнас уқыплылығына ийе емеслиги ўәжлери менен бул түрдеги мүрәжатларды көрместен қалдырыўға жол қойылмаслығы, он сегиз жасқа толмаған шахсларға алимент төлеў ҳаққында ата-ана арасында келисиў болмағанда
яки алимент ықтыярый рәўиште төленбегенде ҳәм ата-анадан бирде-биреўи де алимент өндириў ҳаққында судқа мүрәжат қылмаған жағдайларда
14 жасқа толған бала өзиниң тәмийнаты ушын ата яки анадан ямаса ата-анасы менен бирге жасамай атырған болса, бир ўақыттың  өзинде
ата-ананың ҳәр екеўинен нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириў ҳаққында даўа қозғатыўға ҳақылы екенлиги, балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат еткен даўагер мәмлекетлик бажы ҳәм басқа төлеўлерди төлеўден азат етилиўи белгиленди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм кең жәмийетлшиликтиң Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) орынбасары — Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымын енгизиу ҳәм Секретариат системасында бала ҳуқықларын тәмийинлеў искерлигине көмеклесиўши басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 2 адамнан ибарат сектор дүзиўи, 2019-жыл 1-сентябрден Өзбекстан Республикасында ерлер ҳәм ҳаяллар ушын неке жасын он сегиз етип белгилеўи нәзерде тутылды.
Соның менен қатарда, шанарақта баланың мәплерине тийисли ҳәр қандай мәселе шешилип атырғанда, сондай-ақ, ҳәр қандай суд додалаўы яки ҳәкимшилик додалаўы дәўиринде бала өз пикирин айтыўға ҳақылы екенлиги,  бунда қарар қабыл етиўге ўәкилликли уйымлар (шахслар) баланың мәпине тийисли мәселени шешиўде ақылға уғрас ҳәм ғәрезсиз пикирлеў қәбилийетине ийе баланың пикирин, оның жасынан тысқары, қатаң фактор сыпатында көрип шығыўы ҳәмде баланың ең баслы мәплерин нәзерде тутыўшы қарарды қабыл етиў шәртлиги көрсетип өтилди.
Усы қарардың 5-бәнтине тийкар, он сегиз жасқа толмаған шет ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахсты, егер оның ата-анасынан бири, қәўендерлик яки әменгерликке алған шахс Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлы тийкарға көре жасаў ҳуқықына ийе болса, төмендеги жағдайларда Өзбекстан Республикасынан шығарып жибериўге жол қойылмаўы, Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузған, яғный Өзбекстанда жасаў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлерсиз яки ҳақыйқый болмаған ҳүжжетлер менен жасаған, ўақтынша яки турақлы прописка, көшиў яки турақ жай таңлаў бойынша белгиленген тәртипке әмел етпеген, болыў мүддети тамамланғаннан соң шығып кетиўден бас тартқан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының аймағы арқалы транзит тәризинде өтиў тәртибине әмел етпеген жағдайларда, Өзбекстан Республикасы аймағында исленген жынаяты ушын суд тәрепинен белгиленген жаза орынлап болынған яки өтеп болынғаннан кейин ямаса нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жынайый жуўапкершиликтен яки жазадан азат етилген жағдайларда белгиленген.
2019/2020 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлерди қабыл етиўдиң улыўма санынан “Меҳрийбанлық” үйи ҳәм Балалар қалашасының питириўшилери болған шын жетимлер ушын қосымша рәўиште бир пайызға шекем мәмлекет гранты тийкарындағы қабыл квоталарын ажыратыў тәртиби енгизилиўи белгилеп қойылды.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиў лазым, бул алып барылып атырған ислер, әлбетте, мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларының бири болып, балалар халық арасында қорғаныў ҳәм ғамхорлыққа ең мүтәж қатлам есапланады. Ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда балалардың ҳуқық ҳәм еркинлилерин ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратыў мүмкин емес. Себеби, ҳәр қандай мәмлекеттиң ертеңги күни, келешеги олардың сол елдиң перзентлери есапланады.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими
бас мәсләҳәтшиси
1-дәрежели юрист                
ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ