Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы – мәмлекетте жынаятшылықтың алдын алыў тийкары


Бүгинги күнде жас өспиримлер ортасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, руўхый жақтан тәрбиялаў жумысларын және де жеделлестириў мәселеси жәмийетимиз турмысында үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта.
Сонлықтан Жас өспиримлер бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәкемелераралық комиссиясы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында» ғы Нызамының орынланыўы бойынша бир қатар унамлы ислер жолға қойылған.
Жас өспиримлер арасындағы жынаятларды анализ етип қарайтуғын болсақ, көпшилик жағдайларда шаңарақта, билимлендириў мәкемелеринде, мәҳәллелерде жас өспиримлер тәрбиясы нәзерден шетте қалыўы себеп болып атырғанлығын көриўимиз мүмкин.
Мәселеге еле де тереңирек қарайтуғын болсақ, жас өспирим тәрбиясының шетте қалыўы менен бирге олардың қараўсызлығы ҳәм бос ўақытларының көп екенлиги де оған қосымша болады. Буның алдын алыў мақсетинде ата–ана яки олардың орнын басыўшы шахс оқыў ҳәм жумыстан бос ўақытларында не менен шуғылланыўы, кимлер менен ўақыт өткизиўин билип барыўы, өзи ямаса зәрүр деп есапланса педагог яки қәниге психолог жәрдеминде баланың қызығыўы ҳәм қәбилетине қарап түрли дөгереклер, спорт шынығыўларына қатнастырыўы, жазда лагерь ҳәм дем алыс орынларына жибериў арқалы олардың жәмийетлик пайдалы ис пенен бәнт болыўын тәмийинлеўи керек.
Егер де, жоқарыда көрсетилген усыллар өз нәтийжесин бермесе яки болмаса жеке өзлери әмелге асырыў имканиятына ийе болмаса пуқаралар жыйынлары жанындағы Жаслар менен ислесиў комиссиясы ҳәм мектеп басшылығына мүрәжат етиўи лазым.
Мәлим болғанындай, жумыссызлық, жәмийетлик пайдалы ис пенен бәнт болмаў жас өспиримлер арасында жынаятшылықтың өсиўине алып келеди. Криминолог алымлардың билдириўинше жумыссызлықтың 10% көбейиўи жынаятшылықтың 3,4-6,5 % ке өсиўине алып келер екен.
Жас өспиримлер тәрбиясындағы және бир унамсыз ҳалат баланың мектептеги сабақлардан қашып,  көпшилик ўақтын көшеде өткериўи сыяқлы унамсыз ҳалат есапланады. Буған өз нәўбетинде бала характеринде қоршаған әтираптың тәсиринде жаңа психологиялық, биологиялық, физиологиялық өзгерислердиң жүзеге келиўи, мектептеги сабақлардың сыпатлы өтилмеўи, сондай–ақ, ата–ананың өз мәжбүриятларын лазым дәрежеде орынламаўы, тәрбияға бийпарықлығы, шаңарақтағы экономикалық қыйыншылықлар себеп болыўы мүмкин.
Бундай ҳалаттың алдын алыў мақсетинде ата–ана яки оның орнын басыўшы шахслар пуқаралар жыйынлары жанындағы Жаслар менен ислесиў комиссиясына, мектеп басшылығына мәселениң себеплерин анықлаў ҳәм шешиўде жәрдем сорап мүрәжат етиўи керек.
Соның менен бирге, шаңарақта ата–ана яки оның орнын басыўшы шахслар баланың өзине итибарсыз мүнәсибетте болмаўы лазым. Бала ҳәмме ўақыт өзиниң кереклиги, қымбатлы екенлигин сезинип жасаўы тийис. Егер, бул мәселеге жетерли итибар қаратылмаса, ол өзин жалғыз ҳәм керексиз сезинип, түскинликке түсиўине себеп болады. Нәтийжеде, бул оның кейинги өмирине де тәсир етип, жәмийетте өз орнына ийе болыўына кери тәсир етери сөзсиз. Ал, айырым ҳалларда болса бул жағдай жас өспиримниң өз жанына қаст етиўине себепши болыўы да мүмкин.
Жуўмақ ретинде айтар болсақ, бәршемиз «Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана» деген ибратлы гәпти естен шығармастан бала тәрбиясына жетерли итибарды қаратыўымыз лазым. Себеби, өсип киятырған жас әўлад бизиң ертеңги келешегимиз есапланып, бунда жеке ибрат көрсетиў жүдә әҳмийетли екенлигин еслетип өткимиз келеди.

К.С.Реймназаров
Нөкис қаласы әдиллик бөлими баслығы.