Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Ҳәр бир мүрәжат астында инсан мәпи бар


Ҳәр бир мүрәжат астында инсан мәпи бар
Хожели районы әдиллик бөлими тәрепинен, Хожели районы Арзыў көшеси  4-жайда жасаўшы пуқара С.Жанназаровтыӊ Хожели районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 16-санлы улыўма билим бериў мектебинде мийнетке ҳақы төлеў тәртибинен наразы болып жоллаган мүрәжаты үйренип шығылды.
Үйрениў даўамында, хызметкерлерге 2019 жыл август айы ушын берилген табельге С.Жанназаровқа ҳеш қандай тийкарсыз 11 күн табель жазылмағанлығы ҳәм айлық ис ҳақысы толық есапланбағанлығы анықланды.
Бул бойынша Хожели районы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектептиӊ оқыў ислери бойынша директор орынбасары А.Рустемовқа қарата районлық бәнтликке көмеклесиў орайына хәкимшилик усыныс киритилип, жәримаға тартылды.
Пуқара С.Жанназаровтыӊ ис ҳақысы толық төленип берилиўи тәмийинленди.



Хожели районы
Әдиллик бөлими баслығы                                                           Ф.Наранова