Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Шаңарақлық исбилерменликтиң жәмийет раўажланыўында тутқан орны


Шаңарақлық исбилерменликтиң жәмийет раўажланыўында тутқан орны
Ҳәммемизге белгили, исбилерменлик субьектлери, соның  ишинде әсиресе шаңарақлық исбилерменлик жәмийет раўажлаўында әҳмийетли орын ийелейди, себеби ол әҳмийетли еки институтты өзинде бирлестиреди, биринши шаңарақ, екинши исбилерменлик, сол  себепли  биз шаңарақлық исбилерменликтиң өзине тән өзгешеликлери, белгилери ҳәм формаларына  тоқтап өтпекшимиз.
«Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамның 3-статьясына муўапық шаңарақлық исбилерменлик  шаңарақ ағзалары тәрепинен тәўекел қылып өз мүлкий жуўапкершилиги астыңда дәрамат алыў мақсетиңде әмелге асырылатуғын жедел искерлик болып  табылады. Шаңарақлық исбилерменлик еки формада әмелге асырылады.
1.    Юридикалық шахс дүзбеген ҳалда
2.    Юридикалық шахс дүзген ҳалда әмелге асырылады.
Юридикалық шахс дүзбеген ҳалда әмелге асырылатуғын шаңарақлық исбилерменлик физикалық шахслар тәрепинен юридикалық шахс дүзбеген ҳалда биргеликтеги исбилерменлик искерлигиниң бир түри болып есапланады. Шаңарақлық исбилерменлик юридикалық шахс дүзбеген ҳалда өз искерлигин әмелге асырғанда шаңарақ баслығы ямаса қатнасықка уқыплы басқа шаңарақ ағзаларының бири ис қатнасықларында шаңарақ атыңан олардың разылығы менен ҳәрекет етеди ҳәм бул ҳаққындағы шаңарақтың басқа ағзаларының разылығы мәмлекетлик дизимнен өтип атырған ўакытта тастыйыкланыўы лазым. Юридикалық шахс дүзбеген ҳалда әмелге асырылатуғын шаңарақлық исбилерменлик төмендеги өзине тән белгилерге ийе.
- егер юридикалық шахс дүзбеген ҳалда әмелге асырылатуғын  шаңарақлық исбилерменлик тек ерли-зайыплылыар тәрепинен олардың улыўмалық мал-мүлки тийкарында әмелге асырылып атырса, олар нызамда көрсетилген тәртипте некеден өткен болыўы керек.
          -  мүлк формасының улыўмалығы, яғный исбилерменлик искерлигин әмелге асырыўда өз мәжбүриятлары бойынша жуўап беретуғын мүлки улыўма болыўы керек.
        - юридикалық шахс дүзбеген ҳалда әмелге асырылатуғын  шаңарақлық исбилерменлик қатнасыўшылары ортасындағы қатнасықлар ҳәм мийнет нызамшылығы ҳәм шаңарақ әдеп-икрамлылық кағыйдалары менен тәртипке салынады.
- юридикалық шахс дүзбеген ҳалда әмелге асырылатуғын  шаңарақлық исбилерменлик мәмлекетлик дизимнен өткенде жеке исбилермен сыпатыңда дизимге алынады.
- улыўмалық шаңарақ мәплериниң көзленгенлиги, яғный шаңарақтағы барлық шахслардың мәпи, пайдасы, абыройы, ар-намысы ушын искерлик әмелге асырылады
- шаңарақ ағзаларынан бири ҳеш қандай исенимхатларсыз шаңарақ атынан оның күнделикли жумысына басшылық етеди.
- банкте есап бети ашып, есап ҳәм есабат жүритип отырады.
Шаңарақлық исбилерменлик юридикалық шахс дүзген ҳалда әмелге асырылғанда   шаңарақлық кәрхана  оның  шөлкемлескенлик ҳуқықый формасы болып есапланады. Өзбекстан Республикасы «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы Нызамның 4-статьясына муўапық шаңарақлық кәрхана оның қатнасыўшылары тәрепинен товарлар ислеп шығарыў (ислерди орынлаў, хызметлерди көрсетиў) ҳәм реализация қылыўды әмелге асырыў ушын ықтыярлық тийкарында шаңарақлық кәрхана қатнасыўышыларының үлесли ямаса биргеликтеги болван улыўмалық мал-мүлки, сондай-ак шаңарақлық кәрхана қатнасыўшыларының ҳәр бириниң мал-мүлки негизинде шөлкемлестирилетуғын киши исбилерменлик субьекти болып табылады. Шаңарақлық кәрхананың қатнасыўшыларының ҳәм оның жалланба жумысшыларының улыўмалық саны киши исбилерменлик субьектлери жумысшыларының низам ҳүжжетлеринде белгиленген орташа жыллық санынан көп болыўы мүмкин емес. Бунда шаңарақ кәрхана қатнасыўшыларының ең кем саны еки адамнан аз болмаўы керек.
Шаңарақлық кәрхана қатнасыўшылары - бул шаңарақ баслығы, оның ҳаялы (ери), балалары ҳәм ақлықлары, ата-анасы, мийне қабилети жасна толған басқа туўысқанлары болыўы мүмкин. Шаңарақлық кәрханада төмендеги шахслар қатнасыўшы бола алмайды:
-    а) мәмлекетлик басқарыў органының лаўазымлы шахслары;
-    в) қатнасықка укыпсыз ҳәм қатнасық уқыплылығы шекленген шахслар;
-    с) егер қатнасыўшы шахс бир уакыттың өзинде басқа шаңарақлық кәрхананың қатнасыўшысы болса.
Шаңарақлық кәрхана басқа юридикалық шахслар сыяклы өзиниң толық ямаса кыскартылган фирма атыңа ийе болады. Шаңарақлық кәрхананың толық фирма аты оның толық аты ҳәм «shan’araqliq ka’rxana» деген сөзлерди өз ишине алыўы керек, шаңараклық кәрхананың қысқартылған фирма аты оның қысқартылған аты ҳәм «shan’araqliq ka’rxana» деген сөзлерди ямаса «ОК» аббревиатурасын өз ишине алыўы керек. Шаңарақлық кәрхананың шөлкемлестириў ҳүжжети оның қатнасыўшылары тәрепинен дүзилетуғын шөлкемлестириў шәртнамасы болып табылады. Шөлкемлестириў шәртнамасында шаңарақлық кәрханаларга тийисли барлық әҳмийетли мағлыўматлар көрсетиледи. Егер шөлкемлестириў шәртнамасына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилсе, бул шаңарақлық кәрхананы кайта мәмлекетлик дизимнен өткериўди талап етпейди. Шаңарақлық кәрхананың уставфонды, пул қәрежетлери, қымбатлы кағазлар, басқа мал-мүлк солар қатары пул мене баҳаланатуғын мүлкий ҳуқықлар, ямаса өзге шахсларга өткерилетуғын басқа ҳуқықлар есабынан калиплестириледи. Жалғыз уй (квартира) шаңарақлық кәрхана устав фондына киритилиўи мүмкин емес. Шаңарақлық кәрхананың қатнасыўшылары кәрхананың устав фондына өзлери киритетуғын мал-мүлкти ғәрезсиз түрде белгилейди. Шаңарақлық кәрхананың устав фонды ол мәмлекетлик дизимнен өткерилип атырған ўакыттағы ең кем исҳақының он есесинен кем болмаўы керек.
Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз Ш.М.Мирзиёев айканыныдай «Исбилерменлерге кең жол ашып бериў сиясатын буннан кейинда даўам еттиремиз.Шешиўши әҳмийетке ийе бул тараўды ҳәр тәреплеме қоллап қуўатлаў, оның алдында пайда болатугын тосықларды пүткиллей алып таслаў мәселеси мәмлекет басшысы сыпатында мениң турақлы қадағалаўымда болады» .
                        


Шымбай районы әдиллик бөлими
жетекши мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                                                       К.П.Сеитниязов