Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

«Коррупцияға қарсы бирге гүресемиз» атамасында илаж


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2019-жыл 5-октябрь күни Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында «Коррупцияға қарсы бирге гүресемиз» атамасында ҳуқықый үгит-нәсият илажы өткерилди.
Студент жасларға “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызам, “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын еледе жетилистириў ис-илажлары ҳақкында”ғы Пәрманы ҳәмде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң“ Жоқары билимлендириў системасында коррупцияға қарсы гүресиўди жетилистириў” ҳәм “Коррупциясыз  тараў” жойбарын әмелге асырыў  ҳақкында”ғы буйрығы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
“Өзбекстан Республикасының Халықаралық рейтинглер ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4210-санлы Қарарының мазмун-мәниси толық түсиндирилди.