Янгиликлар
24
БИЛЕСИЗБЕ, 1- ОКТЯБРДЕН БАСЛАП НЕЛЕР ӨЗГЕРЕДИ?
БИЛЕСИЗБЕ, 1- ОКТЯБРДЕН БАСЛАП НЕЛЕР ӨЗГЕРЕДИ?
1. Жақын туўысқанлар арасында нотариал тастыйықланған автоисенимхат бийкар етиледи.
Транспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полисинде көрсетилген транспорт қуралы ийесиниң жақын туўысқанлары (ата-ана, күйеўи (ҳаялы), балалар, аға-инилер, апа-сиңлилер) арасында транспорт қуралынан пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳаққындағы исеним хатты мәжбүрий нотариал тастыйықлаў тәртиби бийкар етиледи.
2. Мийнет мигрантларына микроқарызлар бериледи.
Мийнет мигрантларына сырт елде жумысқа жайласыў менен байланыслы қәрежетлерди төлеў ушын бир банк күни даўамында тез рәсмийлестирилген ҳалда ең кем талап етилетуғын ҳүжжетлер (паспорт, арза ҳәм мийнет органының илтимаснамасы) тийкарында 2019-2020-жылларда 10 процент ҳәм 2021-жылда 12 процент ставкада 2 млн. сум муғдарында 1- жыл мүддетке микроқарызлар бериледи.
Сондай-ақ, қамсызландырыў компанияларына жылына бир мәрте қамсызландырылған ҳәр бир мийнет мигранты ушын 50 мың сум муғдарында бир мәртелик субсидиялар усынылыў әмелияты енгизиледи.
3. Қайта қамсызландырыўшылар ушын жаңа тәртип орнатылды.
Қайта қамсызландырыўшы қамсызландырыў мәжбүриятларын қайта қамсызландырыў ушын сырт ел қамсызландырыў шөлкемлерине бериўден алдын берилетуғын қамсызландырыў мәжбүриятларының кеминде 50 проценти муғдарында қайта қамсызландырыў бойынша оферта (қайта қамсызландырыў бойынша шәртнама дүзиў усынысын) қамсызландырыў шөлкемлерине жибериўи шәрт.
4. Алкоголь ҳәм темеки өнимлери ушын акциз салығы асырылады.
Алкоголли өнимниң акциз салығы ставкасы орта есапта 10 процентке, темеки өниминиң акциз салығы ставкасы 20 процентке асырылады.
5. Салық тараўындағы басқа өзгерислер.
2019 –жыл 1-октябрден:
• бензин, дизель жанылғысы ҳәм газди жанылғы қуйыў станциялары арқалы ақырғы тутыныўшыларға сататуғын юридикалық шахслар, усы товарларды сатыўдан түсимниң муғдарына қарамастан қосылған қун салығы төлеўшилери есапланады;
• товарларды импорт етиўши исбилерменлик субъектлери, товарларды сатыўдан түсим муғдарына қарамастан қосылған қун салығын төлеўшилери есапланады;
• төмендегилер бойынша қосылған қун салығынан, соның менен бирге импорт еткенде де, жеңилликлер бийкар етиледи:
• асбест, көмир, ағаш материаллары, ағаш ҳәм оннан таярланған буйымлар, углеводород шийки заты;
• соя дәнеси, айғабағар ҳәм гүнжи туқымлары, майлы шийки зат ҳәм қум шекер шийки заты;
• аўыл хожалық техникасы, автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын пүтинлеўши буйымлар, материаллар ҳәм технологиялық әсбап-үскенелер;
• юридикалық шахслардың коммерциялық банклерине жайластырған қаржыларынан процент көринисинде алынған төлем дерегин пайда салығынан азат етиў бойынша жеңилликлер бийкар етиледи.
Сондай-ақ, өзи ислеп шығарған аўыл хожалығы өнимлерине ҳәм Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлерине қарата белгиленген қосылған баҳа салығы бойынша жеңилликлер бийкар етиледи.
6. Айырым баспалар лицензия ушын мәмлекетлик бажы төлемейди.
Балалар әдебиятлары, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ушын мөлшерленген өнимлер басып шығарыўға қәнигелестирилген баспалар басып шығарыў искерлигин әмелге асырыўға лицензия бергенлиги ушын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.
7. Нызам ҳүжжетлери жойбарлары электрон көринисте келисиледи ҳәм киргизиледи
2019-жыл 1-октябрден баслап ҳәм кейинги дәўирде-мәпдар министрликлер, кеңселер, жергиликли орынлаўшы ҳәкимият органлары тәрепинен ислеп шығылған ҳәм келисилген Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң ҳүжжетлери жойбарлары келисиў (виза қойыў) ҳәмде кейин ала қабыл етиў ушын Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына тек бирден бир электрон система көринисте киргизиледи.
8. Орынлаў ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон базасы жүргизиледи.
Мажбурий орынлаў бюросы Орынлаў ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон базасын жүргизеди, оған тийисли мағлыўматлар базасы системалары менен интеграция етиў жолы менен төмендегилер киргизип барылады:
• орынлаў органлары жүритиўине келип түскен бәрше орынлаў ҳүжжетлери;
• ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға ўәкилликли болған органлар (лаўазымлы шахслар) тәрепинен салынған ҳәм өндирилген ҳәкимшилик жәриймалар ҳаққындағы мағлыўматлар.
9. "Меҳрибанлық" үйлери хызметкерлериниң тариф ставкалары өзгереди.
«Меҳрибанлық» үйлери, балалар қалашалары басшы хызметкерлери ҳәм жоқары мағлыўматлы тәрбияшылары ҳәмде бәрше түрдеги халық билимлендириў мәкемелериниң жоқары мағлыўматлы тәрбияшыларының базалық тариф ставкалары муғдарларын улыўма билимлендириў мектеплериниң тийисли басшы ҳәм педагог хызметкерлери базалық тариф ставкаларына теңлестириледи, бунда айырым пәнлер терең үйретилетуғын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери тәрбияшылары ушын нәзерде тутылған үстеме бийкар етиледи.
Сондай-ақ, физикалық ямаса руўхый раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм тәрбияшыларына мийнеттиң айырықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы лаўазым ис ҳақысының 75 проценти муғдарында төленеди.
10. Аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос жер участкалары тек ғана “E-IJRO AUKSION” арқалы усынылады.
Исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлиги ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос жер участкалары республиканың бәрше аймақларында тек «E-IJRO AUKSION» саўда орнында электрон онлайн-аукцион арқалы усынылады.
Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «YERELEKTRON»ААТда анық инвестиция мәжбүриятлары менен бирге жер участкасы ҳәм режелестирилип атырған қурылыс майданшасы ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырыў ҳаққында усыныслар киргизиў ҳуқықы бериледи.
Буннан басқа, жер участкасын таңлаў материалларын келисиў ҳәм (ямаса) ол бойынша шешимлер бериў ўәкилликли шөлкемлер тәрепинен тек ғана электрон формада «YERELEKTRON»ААТ арқалы әмелге асырылады.
Жер участкасын таңлаў материаллары бойынша Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, өрт қәўипсизлиги аймақлық басқармалары ҳәм бөлимлери, санитария-эпидемиологиялық бақлаўы хызметиниң аймақлық басқармалары ҳәм бөлимлери, санитария-эпидемиологиялық бақлаўы хызметиниң аймақлық шөлкемлери, районлар (қалалар) жер ресурслары ҳәм мәмлекет кадастри бөлимлери, районлар (қалалар) мәмлекетлик салық инспекцияларының шешимин алыў талабы бийкар етиледи.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәмде районлар (қалалар) ҳәкимлериниң аукцион жеңимпазы атына жер участкасын ажыратыў бойынша қарар қабыл етиў ҳаққындағы талап бийкар етиледи.
11. Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы Нызам күшке киреди.
Өзбекстан Республикасының Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы Нызамы ҳәмде Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге киргизилген шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў ушын жуўапкерликти нәзерде тутыўшы нормалар күшке киреди.
12. Ески автотранспорт қуралларын жаңасына алмастырыў мүмкин.
Елимизде ислеп шығарылған автотранспорт қураллары ийелери ушын өзлерине тийисли автотранспорт қуралларын тапсырыў ҳәмде олар баҳасындағы парқты төлеў арқалы жергиликли автомобиллердиң жаңасын сатып алыў имканиятын бериўши «TRADE-IN» дәстүри енгизиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Отеулиев Абилкасым