Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Коррупцияға қарсы үзликсиз гүресиў дәўир талабы


Коррупцияға қарсы үзликсиз гүресиў дәўир талабы

Бүгинги күнде коррупция машқаласы пуқаралық жәмийетиң раўажланыўына тосқынлық қылатуғын тийкарғы факторлардың бири есапланады. Себеби, коррупция машқаласының турмысымызда ушырасыўы-нызам үстинлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан  ҳуқықлары бәрше орынларда қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады. Коррупцияның ҳәўиж алыўы нәтийжесинде пуқаралардың ҳәкимиятқа болған исеними сөнеди, экономикада болса исбилерменлер арасындағы ҳақыйқый бәсекилик орталығы болмайды.
Ҳәр бир физикалық ҳәм юридик шахслар олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў, ҳәр қандай коррупция көринисиндеги ҳалатларды лаўазымлы шахслар тәрепинен дәмегөйлик етиў мақсетинде ямаса басқа мәплерин гөзлеген ҳалда нызамсыз араласыў ҳәм тосқынлық қылыў жағдайлары ҳәм басқа да нызамға қарсы ҳәрекетлери жүзесинен ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегенлиги ушын жынайый қылмыстың жазасыз қалмаўы ҳаққында нызам талапларына әмел етиўин тәмийинлеў бойынша қатаң шаралар белгиленген.
Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў раўажланыўымыздың жоқары шыңы болып есапланды.
Усы жылдың 27-май күни ПФ–5729-санлы “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын  жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманның  мақсети коррупцияға қарсы гүресиў системасы нәтийжелигин асырыў, ең жоқары дәрежедеги исбилерменликке қолайлықлар жаратыў ҳәм мәмлекеттиң ҳалықаралық майдандағы унамлы абырой-итибарын асырыў Пәрманның тийкарғы мақсети есапланады.
Пәрман менен, 2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик дәстури тастыйықланды. Дәстүрге муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелераралық комиссиясының жаңаланған қурамы дүзилди. Мәмлекетлик дәстүрдиң ҳәр бир бәнти бойынша мақсетке ерисиўде нәтийжелилик индикаторы ислеп шығылады.
Соның менен бирге, “Мәмлекетлик финаслық қадағалаў ҳаққында”ғы ҳәмде “Прокуратура органларында хызметти өтеў тәртиби ҳаққын”ғы Нызам жойбарлары ислеп шығылады.
Аймақларда ҳәм халық депутатлары Кеңеслери қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссиялары шөлкемлестирилип, олар орынларда усы тараўдағы ислердиң жағдайларын комплекс үйренип барады.
Мәмлекетлик хызметкерлерди таңлаў  тийкарында жумысқа қабыл етиў, лаўазымға тайынлаў ҳәм жоқары лаўазымларға көтериўде ашық-айдынлық тәртибине тийкарланған мәмлекетлик хызмети системасы шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик хызметкерлер ушын шеклеўлер, қадаған етиўлер, ҳошаметлеў илажлары ҳәмде коррупцияның алдын алыўдың басқа механизмлериниң  анық дизими белгиленеди.
Коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый механизмлери енгизиледи.
Пәрманға тийкар, 2019 жыл 1-сентябрден баслап, жасларға коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықий билим бериў бойынша  комплекс илажлар ислеп шығылып, әмелге енгизиледи.  Улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билим бериў орынларында оқыў дәстүрлеринде коррупцияға қарсы темалар және де күшейтириледи.
2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент сыпатында дәслепки басқышта  капитал қурылыс ҳәм жоқары билим бериў тараўында “КОРРУПЦИЯСЫЗ ТАРАЎ” жойбары әмелге асырылса, ал 2020-жылдың
1-апрелинен баслап  усы жойбар басқа тараўларғада  басқышпа-басқыш  енгизилип барылады.
Президент Пәрманына көре, тийисли тараўда коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға имкан жаратып атырған себеплер ҳам шараятларды тамыры менен жоқ етиў мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларының биринши дәрежедеги ўазыйпасы есапланады.
2019-жыл 1-июлден баслап мәмлекетлик уйымларға жүклетилген ўазыйпа ҳәм функцияларын әмелге асырыўда жүзеге келетуғын коррупциялық қәўип-қәтерлерди мәжбүрий баҳалап барылады. Бунда мәмлектлик уйымлар, коррупция қәўип-қәтер ең көп душ келетуғын мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс тараўы ҳәм лаўазымлары, сондай-ақ, олардың функциялары дизими дүзип шығылады.


Оралбай Джуманиязов,
Қараөзек районы әдиллик бөлими баслығы.