Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Ҳаял-қызлардың жәмимйетте тутқан ролин асырыўдың ҳуқықый тийкарлары.


Мийнет қанасықларында ҳаялларға қарата кемситиў әзелден адамлардың сана астында болады. Менталитетимизде балалықтан кәсиплерди «ҳаял адамлардики» ҳәм «еркек адамлардики» деп ажыратамыз. Бул профессионал сегрегацияны келтирип шығарады. Усы халатлар кемситиўге жол ашады. Биз дағазаларда бирден-бир лаўазымларға тек ғана еркек ямаса ҳаял адамлардың талап етилиўиниң гүўасы боламыз.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019 жыл 7 мартдағы «Хаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин жәнеде күшейтиў ҳәм исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары ҳаял-қызлар мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўдеги айрықша қәдем болды. Усы қарарда «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген. Бунда жумыс орнындағы ҳәм билимлендириў мекемелериндеги басым ҳәм зорлықлар түрлери, ўәкилилликли органлардың ўазыйпалары ҳәм функциялары; басым ҳәм зорлықлардың алдын алыўға қаратылған ис-илажларды, сондай-ақ бундай қылмысларды ислегенлик ушын жуўапкершилик; судқа шекем яки суд процессинде басым ҳәм кемситиўлерге ушыраған шахсларды қорғаўға қаратылған процессуал кепилликлер сыяқлы мәселелер жарытылыўы белгиленген. Усы жағдайдың өзиде нызамшылығымыздағы жумыс орынындағы басымларға қарата айрықша қадем болады. Сондай-ақ жоқарыдағы қарарда «Еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын тең ҳуқықлар ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген болып, онда гендер теңлик түсиниги ҳәм түрлери; ўәкилликли органлардың ўазыйпалары ҳәм функциялары; мәмлекетлик басқарыўда қатнасыў, жумысқа қабыллаў яки жаллаў, кредит алыў ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўда гендер теңликти тәмийинлеўге тийисли нормалар; гендер теңлик бузылыўының алдын алыўға қаратылған ис-илажларды, сондай-ақ бундай бузылыўға алып келетуғын қылмысларды ислегенлик ушын жуўапкершилик мәселелери жарытылыўы көзде тутылады. Усы нызамның қабыл етилиўи мийнет тараўында кемситиўге жол қойылмаўы мәселесин тиккелей сәўлелендиреди. Көп жағдайларда мийнет қатнасықларында кемситиўге ушыраған, мийнет ҳуқықлары бузылған шахслар өз ҳуқықларын қорғаўда нызамшылықта белгиленген тәртипте имканиятқа ийе болса, айырым жағдайларда болса қыйыншылықларға дус келеди. Ямаса мийнет ҳуқықлары бузылыўы үстинен шағым етиўши хызметкер келешекте ҳуқықлары тикленген жағдайдада ис бериўшиниң басымына ушырайды. Буннан қорқып көпшилик хызметкерлер мийнет ҳуқықлары бузылсада, жағдайдың қашандур жақсы болып кетиўин күтип сабыр етип жүреди. 2017-жыл 11-сентябрде қабыл етилген «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамдада аноним мүрәжатлар көрип шығылмайтуғынлығы белгиленген. Усыныс сыпатында усы нызамға өзгерис ҳәм қосымша киритиб, аноним мүрәжатларда тек ғана мийнет тараўында көрип шығыўы мүмкинлиги белилениўи лазым. Пикиримизше сонда хызметкерлер өз мийнет ҳуқықларын қорғай алады, мийнет катнасықларыда  өз ҳуқықларын қорғағаны ушын кемситиў болмайды, нызамларымыз инсан мәплери сәўлелендирип халық буннан разы болады. Мийнет ҳуқықлары ең әхмийетли социаллық ҳуқықлары есапланады.

Қанлыкөл районы
әдиллик бөлими баслығы Т.Асанов