Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Автомобиллерге үш процентлик жыйым ислеп шығарыўшы тәрепинен төленеди


Қәниге_пикири

Автомобиллерге үш процентлик жыйым ислеп шығарыўшы тәрепинен төленеди

Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-июлдеги ПҚ–4397-санлы “Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын жедел раўажландырыўға тийисли қосымша ис илажлар ҳаққында”ғы қарарында көрсетилген айырым талаплар дурыс емес шолыныў жағдайлары ушыраспақта.
Соның менен бирге, елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғанлығы ушын үш проценттен ибарат болған жыйым автотранспорт қуралларын сатып алыўшылар тәрепинен автомобиль сатып алып атырған ўақтында автомобиль баҳасы менен бирге әмелге асырыўы лазымлығы, бул ушын усы жылдың 1-октябрине шекем дилерлик кәрханасы менен алды-сатты шәртнамасына қол қойған, бирақ еле автомобилди алмаған қарыйдарлар менен қосымша келисимге қол қойылыўы ҳәмде қарыйдар тәрепинен усы төлем автомобилди қабыл етип алыў ўақтында дилерлик кәрханасына төлениўи керек екенлиги ҳаққындағы хабарлар тарқатылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 18-июлдеги ПҚ–4397-сан “Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын жедел раўажландырыў бойынша қосымша ис илажлар ҳақкында”ғы қарарында 2019-жыл 1-октябрден баслап елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғанлығы ушын жыйым автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўшылары тәрепинен төлениўи белгиленген.
Ҳәзирде әмелде болып турған тәртипке тийкар жаңа (алдын пайдаланылмаған) автотранспорт қуралларын сатып алғанлығы ушын төлем сатып алыў баҳасынан үш проценттен ибарат болып, автотранспорт қуралы Ишки ислер министрлиги органларында дизимнен өткерилиўинде автотранспорт қуралы ийеси (пайдаланыўшы) тәрепинен төлениўи лазым.
Яғный, алдын автомобиль сатып алып атырған автомобиль ийеси усы автотранспорт қуралын ишки ислер органларында дизимнен өткерип атырғанда үш процентлик жыйымды төлеп келген болса, ендигиден былай усы жылдың 1-октябринен баслап мәмлекетимизде ислеп шығарылған автотранспорт қуралы сатып алынғанлық ушын бул жыйым автотранспорт қураллары ислеп шығарыўшылары тәрепинен төленетуғын болды.  
Пуқаралық кодексине муўапық нызамларда ямаса шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплериниң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин. Шәртнама дүзиўге мәжбүрлеўге жол қойылмайды.
Соған көре, шәртнамада автомобиль ушын төленетуғын ҳақы муғдарын өзгертиў нәзерде тутылмаған болса, ол жағдайда шәртнама шәртлерин бир тәреплеме өзгертиўге жол қойылмайды. Буның ушын шәртнама бойынша ҳәр еки тәрептиң разылығы талап етиледи, шәртнама дүзиў миннети нызамда ямаса алынған мәжбүриятта нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары.  
Таңлаў тийкарында дилер кәрханалар ҳәм сатып алыўшылар ортасында дүзилген шәртнамалар анализи шәртнама баҳасы тек ғана автомобилге қосымша опциялар орнатылғанда өзгериўи мүмкинлиги белгиленгенлигин көрсетти.
Жоқарыдағыларға көре, 1-октябрге шекем дилерлик кәрханасы менен алды-сатты шәртнамасына қол қойған, бирақ еле автомобилди алмаған қарыйдарлар менен жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғанлық ушын үш проценттен ибарат болған жыйымды дилерлик кәрханасына төлетиў бойынша қосымша келисим дүзиўге болған бир тәреплеме ҳәрекет етиў нызам ҳүжжетлерине қайшы есапланады.
Т.Азимов Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жуўапкер хызметкери