Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Айдаўшылық гүўалығын жаңасына алмастырың - сораў жуўап.


Айдаўшылық гүўалығын жаңасына алмастырың - сораў жуўап.
Айдаўшылық гүўалығын жаңасына алмастырыў тәртибинен (http://lex.uz/docs/3127707) хабардарсызба?

Айдаўшылық гүўалығын жаңасына алмастырыў шәртпе?

Аўа шәрт. 2020-жыл 31-декабрге шекем ески үлгидеги бәрше миллий айдаўшылық гүўалықлары жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығына алмастырылыўы керек.

Ески гүўалықта әмел етиў мүддети көрсетилмеген яки мүддети еле тамамланбаған болса-ше?

Ески үлгидеги гүўалық берилген сәнесинен ҳәм әмел етиў мүддетине қарамастан, көрсетилген мүддетге шекем жаңасына алмастырылыўы шәрт.

Қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

Пуқаралық паспорты, ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығы ҳәмде оның талоны.

Қай жерде алмастырыў керек?

Турақлы жасаў орнындағы Мәмлекетлик хызметлери орайлары яки орайда бундай хызмет бар болмаған аймақларда ЖҲҚБның тийисли бөлимлеринде.

Қанша төлем төленеди?

Ески гүўалықты жаңасына алмастырыў ушын базалық есаплаў муғдарының 70 проценти (ҳәзирги ўақытта 156 100 сум) муғдарында төлем өндириледи.

Қанша мүддетге бериледи?

Жаңа үлгидеги айдаўшылық гүўалығы 10 жыл мүддетге бериледи.

Ески үлгидеги гүўалықлары қашанға шекем ҳақыйқый есапланады?

Ески үлгидеги айдаўшылық гүўалықлары 2021 жыл 1-январға шекем ҳақыйқый есапланады.

Айдаўшылық гүўалығы белгиленген мүддетте алмастырылмаса, не болады?

Ески гүўалық пенен автотранспорт қуралын басқарған шахсларға қарата ҳәкимшилик жуўапкершилик шарасы қолланылады.

Жаңа гүўалық шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет есапланама?

Аўа. Жаңа үлгидеги гүўалыққа ийесиниң шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжети статусы берилген.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Отеулиев Абилкасым