Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

Өзбекстан Республикасында нотариат системасы түп-тийкарынан реформаланбақта.


Өзбекстан Республикасында нотариат системасы түп-тийкарынан реформаланбақта.
2019-жылдың 9-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасында нотариат системсын түптен реформалаў ис-илажлары ҳаққындағы 5816-санлы Пәрманы имзаланды.
Бул Пәрманның қабыл етилиўине Нотариал хызметлер көрсетиўдиң оперативлигин асырыў, пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде, соның ишинде жеке мүлк ийелери өз мүлкине еркин бийлик етиўи ҳәм оннан пайдаланыўда артықша бюрократиялық тосқынлықларды алып таслаў ҳәмде тараўды электронластырыў бойынша бир қатар мақсетли ўазыйпаларды әмелге асырыў заман талапларының бири болып келмекте.
Нотариат институтының нәтийжели искерлик көрсетиўин тәмийинлеў, ҳәмде нотариал кеңселер тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый хызмет көрсетиў сапасын асырыў ең тийкарғы себеплердиң бири болды.
Бул Пәрманның тийкарғы мақсети Нотариат институтын электрон моделге өткериў, нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў процессин түп-тийкарынан әпиўайыластырыў есапланады.
Пәрманға тийкар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нотариат тараўын тәртипке салыў мақсетинде «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасының жаратылғанлығы ҳәм ондағы жаратылған имканиятлар мағлыўмат ушын қабыл етилди.
Сондай-ақ, усы Пәрманға тийкар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Финанс министрлиги ҳәмде Экономика ҳәм санаат министрлигиниң 2020-жыл 1-январдан мәмлекетлик нотариал кеңселерин басқышпа-басқыш мәмлекетлик емес нотариал кеңселери етип қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақулланды;
мәмлекетлик нотариал кеңселерин мәмлекетлик емес нотариал кеңселер етип қайта шөлкемлестириў әдиллик органларында мәмлекетлик емес нотариал кеңселерин дизимнен өткериў, сондай-ақ, искерлик көрсетип атырған нотариусларға олардың арзаларына тийкар нотариал искерлик пенен шуғылланыў ҳуқықын бериўши лицензия бериў арқалы әмелге асырылады;
тийисли нотариал округда нызам ҳүжжетлерине муўапық жетерли муғдардағы мәмлекетлик емес нотариал кеңселер шөлкемлестирилгенге шекем мәмлекетлик нотариал кеңселери өз искерлигин даўам еттиреди;
мәмлекетлик емес нотариал кеңселер искерлигин финансластырыў дереги етип нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырғанлық ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы суммасының Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген муғдарда мәмлекетлик емес нотариал кеңселеринде қалатуғын бөлеги, ҳуқықый ҳәм техник түсдеги қосымша ҳәрекетлерди әмелге асырғанлығы ушын төленетуғын төлемлер ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер етип белгиленди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң барлық нотариал кеңселер нотариусларының ағзалығына тийкарланған Өзбекстан Нотариал палатасын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақулланды.
Өзбекстан Нотариал палатасы:
нотариал кеңселер нотариусларын бирлестириўши республика мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми есапланады;
нотариуслардың искерлигине араласпаў принципи тийкарында искерлик көрсетеди;
финансластырыў болса, нотариуслардың кириў ҳәм ағзалық төлемлерин ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа қаржылар есабынан тәмийинленеди.  
Сондай-ақ, усы Пәрманға тийкар бир қатар талаплар ҳәмде мәжбүрий нотариал тастыйықланыўы лазым болған питимлерди тастыйықлаў талаплары бийкар етилди.
Атап айтсақ, 2019-жылдың 1-октябринен баслап – транспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полисында көрсетилген транспорт қуралы ийесиниң жақын туўысқанлары (ата-ана, ҳаялы (күйеўи), балалары, аға-инилери, апа-сиңлилери) арасында транспорт қуралынан пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳаққындағы исеним хатты мәжбүрий нотариал тастыйықлаў тәртиби бийкар етиледи.
2020-жыл 1-январдан Қурылысы тамамланбаған үй-жайларды басқа шахсқа өткериўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимят органының рухсатын алыў;
қәўендерликтеги шахс атынан мал-мүлклерди ижара (аренда)ға бериўде қәўендерлик ҳәм әменгерлик органларының рухсатын алыў (бул ҳаққында қәўендерлик ҳәм әменгерлик органларын хабардар етиў шәрти менен) талаплары бийкар етиледи.
Сондай-ақ, 2020-жыл 1-январынан:
пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде судқа шекем болған процессте дәлиллерди тәмийнлеў (гуўалардың көрсетпелерин жазып алыў, жазба ҳәм айғақлық дәлиллерди көзден кешириў ҳәм гуўаландырыў, экспертиза тайынлаў, Интернет тармағындағы фактларды тастыйықлаў);
пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде, сондай-ақ мүлкий ҳәм мийрас мәселеринде медиатор ўазыйпаларын атқарыў;
жаратылған авторлық ҳәм түрлес ҳуқық объектиниң усынылған ўақтын тастыйықлаў сыяқлы жаңа нотариал ҳәрекетлер енгизилди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:
2020-жыл 1-январға шекем, эксперимент ретинде, тараўға заманагөй инновацион ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятларда кеминде 2 ҳәм Ташкент қаласында кеминде 5 нотариал кеңселерде нотариал кеңсеге келмей турып нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў белгиленди;
мал-мүлкти басқа шахсқа өткериў менен байланыслы болмаған питимлерди (ижара ҳәм тегин пайдаланыўға бериў шәртнамаларын, басқа шахсқа өткериў менен байланыслы болмаған исенимхатларды), орынлаў хатларын, ҳүжжетлердиң бир тилден басқа тилге дурыс аўдарма етилгенлигин гүўаландырыў электрон санлы имзадан пайдаланған ҳалда рәсмийлестирилиўи;
арзаларды (пропискаға қойыўға разылық, ер жетпеген перзентин шет елге шығыўға разылық арзаларын ҳәм мәжбүриятларды) электрон санлы имзадан пайдаланған ҳалда ҳәмде видеоконференцбайланыс арқалы рәсмийлестириў енгизилди.
Бунда, аралықтан турып хызмет көрсетиў арқалы рәсмийлестирилген ҳүжжеттиң түп нусқасын буйыртпашығы курьер хызмети арқалы жеткерип бериў имканиятын тәмийинлеў жолға қойылады.
б) эксперимент нәтийжеси тийкарында 2021-жыл 1-январға шекем усы әмелиятты барлық нотариал кеңселерге енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарландырылған усыныслар киргизилиўи белгиленди.


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы
Отеулиев Абилкасым Отегенович
15.09.2019-жыл