Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Атом энергиясы ҳаққындағы Нызам: 10 әпсана ҳәм ҳақыйқат


Атом энергиясы ҳаққындағы Нызам: 10  әпсана ҳәм ҳақыйқат
“Атом! Атом – бул бомба-ғо, домла!!!”
“Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында”ғы Нызам ҳаққында сөз ашылса, көпшилик атақлы юмор қаҳарманы Мулло Суннатилло аўҳалына түседи – қорқып кетеди.
Ҳәр қандай нызам ҳүжжети текстин толық оқымаў ямаса жақсы түсинбеў дурыс емес пикирлерге себеп болыўы мүмкин. Атом энергиясы бойынша түсинбеўшиликлердиң алдын алыў ушын адамлар арасында тарқалған төмендеги «әпсаналар»ды таллап көремиз.
1-әпсана: Өзбекстанда атом энергиясы жоқ.
Ҳақыйқат: Ондай емес. Тийкарында Өзбекстанды бүгинги күнде атом энергиясынан улыўма еркин аймақ деп болмайды. Республикамызда 1959-жылдан бери Ядро физикасы институтында ВВР-СМ изертлеў реакторынан пайдаланып келинбекте ҳәм усы реакторда ҳәмде басқа ислеп шығарыў объектлеринде жүзеге келетуғын радиоактив шығындылар Бостанлық районындағы сақлаў пунктине жайластырылмақта. 2019-жылдың 6 айы дауамында 70 ГБк радиоактивликке ийе болған 455 дана дерек сақлаў пунктине жайластырылған. Сондай-ақ, ҳәзирде мәмлекетимизде 7000 ға жақын ионластырыўшы нурланыў дереклери (рентген аппараты, калибровка үскенелери ҳәм басқалар) бар. Сондай шараятта атом энергиясынан пайдаланыўдың айырым тәреплери 30 дан аслам норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери менен тәртипке салынбақта. Бирақ атом энергиясынан пайдаланыўды тәртипке салыўшы арнаўлы нызам жоқ. Нызам жойбары усы зәрүрлик себепли ислеп шығылған.
2-әпсана: Нызам  Россия үлгисинде жазылған.
Ҳақыйқат: Тийкарынан нызам жойбарын ислеўде халықаралық тәжирийбе терең уйренилип шығылған. Атап айтқанда, атом энергетикасы тараўындағы жетекши мәмлекетлер – АҚШ, Франция, Россия, Белоруссия, Япония, Украина, Чехия, Венгрияның тәжирийбеси уйренилди. Сондай-ақ, Нызам жойбары Халықаралық атом энергиясы агентлиги (МАГАТЭ) тәрепинен 2 мәрте көрип шығылды ҳәм оның усыныслары Нызамда инабатқа алынды. Сондай-ақ, әмелдеги нызам ҳүжжетлердиң тараўға тийисли норма ҳәм қағыйдалары унификация етиледи ҳәмде олар Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары шеңбериндеги мәжбүриятлары менен муўапықластырылады.
3-әпсана: Нызам барибир қәўипсизликти тәмийинлемейди.
Ҳақыйқат: Атом энергетикасын раўажландырыў, атап айтқанда, АЭС қурыў темасында тийкарғы қәўетер – қәўипсизлик мәселеси болып турыпты. Бул қәўипсизликти ким тәмийинлейди? Оның кепилликлери қандай? Жуўапкершилик кимге жүкленеди?
Мағлыўмат ушын: 2018-жыл сентябрь айында Москва қаласында Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Ресспубликасы арасында Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң (МАГАТЭ) қәўипсизлик бойынша барлық талапларына жуўап бериўши қуўатлылығы  2 400 МВт болған еки энерго блоктан ибарат  “3+” әўлад атом электростанциясын қурыў ҳаққында питимге қол қойылды.
“3+”әўлад – бул ең соңғы, инновацион ҳәм қәўипсиз атом электростанциялары әўлады болып, бунда АЭСның ишки ҳәм сыртқы тәсирлерине максимал дәрежеде шыдамлылығы тәмийинленеди.
Нызамда атом энергиясынан пайдаланыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў кепиллигин мәмлекет өз мойнына алмақта. Сондай-ақ, тараўды тәртипке салыўшы (Министрлер Кабинети, Энергетика министрлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары ҳәм басқа) ҳәмде қәўипсизликти тәмийинлеўши мәмлекетлик органлары (Санаат қәўипсизлиги комитети, Экология комитети, Ден саўлықты сақлаў министрлиги, Айырықша жағдайлар министрлиги ҳәм басқалар) анық санап өтилмекте ҳәм олардың ўәкилликлери белгиленбекте.
4-әпсана: Бир гәп болса, халықтан жасырады.
Ҳақыйқат: Буның илажы жоқ. Нызамда атом энергиясынан пайдаланыў бойынша илажларда пуқаралар, ННТ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының қатнасы белгиленбекте. Бул болса ашықлақ ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў ҳәмде пуқаралардың ядро энергиясы бойынша түрли қәўетерликлерин сапластырыўға хызмет етеди.
5-әпсана: АЭСнан басқа мәмлекетлер пайдаланады.
Ҳақыйқат: Ондай емес. Атом энергиясынан пайдаланыў объектлери мәмлекет мүлкинде ямаса Президент тәрепинен белгиленетуғын юридикалық шахслар мүлкинде болыўы мүмкин. Юридикалық шахслардың ядролық материалларын, сондай-ақ, ислетип болынған ядролық жанылғыны сырт елге сатыў ҳаққындағы питимлери Президент пенен келисилген ҳалда дүзиледи.
Демек, АЭСның биринши гезекте Өзбекстан халқы ушын ислеўи жеке Президент тәрепинен қадағаланады.
6-әпсана: АЭС – экологияға зыян.
Ҳақыйқат: Дурыс емес көз қарас. Көбинесе АЭСның қоршаған-орталыққа кери тәсири жүдә асырып сүўретленеди. Тийкарынан ҳәзирде республикамызда бар болған тәбийий энергия дереклеринен пайдаланыў арқалы да қоршаған орталыққа зыян сезилерли келтирилмекте.
Мағлыўмат ушын: Атом электр станциясы қурылыўы нәтийжесинде жылына 3,5 миллиард куб метр тәбиий газ үнемленеди. Бул дерек қайта исленип, жоқары қосылған қунлы нефть-химия өнимлери ислеп шығарылады. Атом энергиясы экологиялық  таза болып, станциялар зыянлы ийис газин пайда етпейди.
Атом электр станциясынан пайдаланыў дәўиринде жылына 14 млн тоннаға шекем  CO2 (ийис газы) ҳәм 36 мың тоннаға шекем NO2 газының атмосфераға шығарылыўының алды алынады.
7-әпсана: Басқа мәмлекетлер бизге радиоактив шығындыларды алып киреди.
Ҳақыйқат: Нызам буған жол қоймайды. Онда жазылыўынша, Өзбекстан аймағына тек өзимиздиң радиоактив затларды, яғный алдын Өзбекстан аймағынан алып шығып кетилген радиоактив шығындылар ҳәм ислетип болынған ядролық жанылғыдан алынған өнимлерди алып кириў мүмкин.
8-әпсана: Келешекте бизде де ядро қуралы ислеп шығарылыўы мүмкин.
Ҳақыйқат: Мүмкин емес. Нызамның мақсети, атынан да көринип турғанындай, атом энергиясынан тек тынышлық мақсетинде пайдаланыў. Ядролық қурал ҳәм басқа ядролық партлаўшы қурылмалар ислеп шығарыў қатаң қадағаланған.
9-әпсана: АЭСын қорғаўды себеплеп басқа мәмлекет армиясы киргизилиўи мүмкин.
Ҳақыйқат: Бундай қәўетерге орын жоқ. 2012-жыл 10-сентябрдеги Нызам менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий искерлиги концепциясына тийкар Өзбекстан өз аймағында сырт ел мәмлекетлериниң әскерий базалары ҳәм объектлери жайластырылыўына жол қоймайды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкимети арасында Өзбекстан Республикасы аймағында атом электр станциясын қурыўда бирге ислесиў ҳаққындағы Питимге муўапық АЭСның физикалық жақтан қорғалыўы Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылады.
10-әпсана: Атом энергиясы бизге керек емес.
Ҳақыйқат: Бул қәте пикир. Бүгинги күнде республикамыздың электр энергияға болған ықтыяжы 69 млрд кВт/саат болса, әмелде 64 млрд кВт/саат энергия ислеп шығарылмақта. 2030-жылға барып ықтыяж 117 млрд кВт/саатға жетеди. Бул ықтыяжды қандырыў ушын тыныш ҳәм турақлы энергия ресурсына ықтыяж бар.
Көпшилик бул ықтыяжды басқа альтернатив энергия ресурслары (мәселен, қуяш яки самалдан алынатуғын энергия) менен қандырыў мүмкин дейди. Лейкин усы энергия дереклери турақлы емес, бизге болса ҳәзир әйне турақлы энергия дереклери керек. Сондай-ақ, АЭС қурылысы соңынан Өзбекстанда атом энергетикасы тараўы раўажланады, қәнигелер оқытылады, илим-изертлеў институтлары ашылады. Қалаберсе, АЭС қурылысы соңынан басқа қайта тиклениўши энергия ресурсларын раўажландырыўға жол қойылмайды, олардан толығы менен ўаз кешиледи деўге де тийкар жоқ.

Жуўмақ
АЭС кеминде 60 жыллық турақлы энергия дереги ретинде Өзбекстан экономикасы раўажланыўы ушын күшли импульс береди. Пуқаралар турмысында болса электр энергиясы менен үзиликсиз ҳәм турақлы тәмийинлениў, илимий ислемелердиң раўажланыўы, өним қәўипсизлигиниң тәмийинлениўи сыяқлы факторлар нәтийжесинде турмыс дәрежесиниң өсиўи бақланады.

Ғайбулло Примов
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жуўапкер хызметкери