Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Әдиллик бөлиминиң араласыўы менен


Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен Қараөзек районы, Академик С.Камалов АПЖ турғыны Сметуллаев Жақсымурат 1979-жылдан баслап 1984-жыллар аралығында Қараөзек районында жайласқан 22-санлы СПТУда мастер болып ислеген дәўирим мийнет дәптершесине киритилмей қалғанлығы себепли напақа пулы аз муғдарда төленип атырғанлығына, усы ислеген даўиримдеги ис стажымды есапқа алыўда ҳәм тастыйықлаўда әмелий жәрдем бериўди сорап мүрәжаты үйренилип шығылды. Анықланыўынша Ж.Сметуллаев ҳақықыйқатында Қараөзек районында жайласқан 22-санлы СПТУда мастер болып ислегени мәлим болды, бул ҳаққында сол дәўирде бирге ислескен Хожабеков Жумамурат ҳәм Ордабаев Абдисайтлар өз көрсетпелерин берди. Соның менен бирге Ж.Сметуллаевтың мийнет дәптершесине тийисли жазыўлардың себеплерин үйренгенимизде 1987-жылы СПТУ-22да өрт жүз бериў нәтийжесинде 1979-1984-жыллар даўамындағы буйрық ҳәм ис ҳақы китаплары набыт болғанлығы анықланды.
Сонлықтан, Ж.Сметуллаевтың 1979-жылдан баслап 1984-жыллар аралығында мастер болып ислегенлиги ҳаққында юридик әҳмийетке ийе болған фактин анықлаўды сорап Шымбай районларара пуқаралық ислер бойынша судына даўа арза киритилип, даўа арза суд тәрепинен көрип шығылып қанаатлантырылды.
    
О.Джуманиязов