Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

ҲАЙЎАНЛАРДЫ ИДЕНТИФИКАЦИЯ ЕТИЎ ТӘРТИБИ ҲАҚҚЫНДА БИЛЕСИЗБЕ? (СОРАЎ-ЖУЎАП)


ҲАЙЎАНЛАРДЫ ИДЕНТИФИКАЦИЯ ЕТИЎ ТӘРТИБИ ҲАҚҚЫНДА БИЛЕСИЗБЕ? (СОРАЎ-ЖУЎАП)

Ҳайўанларды идентификация етиў өзи не?

Биркалаў, тамғалаў, жетонлаў ҳәм чипc орнатыў арқалы ҳайўанларға индивидуал номер бериў, ҳайўанлар ҳаққында мағлыўматларды электрон мәлимлеме системасына киритиў ҳәм оларға ветеринария паспортын рәсмийлестириў (http://lex.uz/docs/3359038) есапланады.

Ветеринария паспорты не?

Ветеринария паспорты – бул ҳайўанның идентификация номери, оның ийеси, ҳайўанлардың кеселликлерге қарсы емленгенлиги, емлеў жумыслары ҳаққындағы мағлыўматлар дизимге алып барылатуғын ҳүжжет.

Бәрше ҳайўанлар идентификация етилеме?

Яқ. Тек қарамал, қой, ешки, шошқа, ат, ешек, түйелер, ийтлер ҳәм пышықлар идентификация етиледи.
Қуслар, қоянлар ҳәм басқа ҳайўанлар идентификация етилмейди.

Алдынлары да ҳайўанлар идентификация етилген бе?

Аўа. Алдынлары да ийтлер ҳәм пышықлар идентификация етилген.

Идентификация етиў тәртиби қандай?

Ҳайўан ийелери ҳайўан туўылғаннан соң турақлы жасаў орнындағы ветеринария хызметиниң ўәкилине төмендеги мүддетлерде мүрәжат етиўи лазым:
• қарамал, қой ҳәм ешкилер, түйелердиң боталары 14 күннен кейин;
• қулынлар ҳәм гүррелер 4 айлығынан кейин;
• шошқа торайлары 1 айлығынан;
• ийт ҳәм пышықлар 3 айлығынан кейин.

Идентификация ушын ҳайўанларды ветеринария бөлимлерине алып барыў керек пе?

Шәрт емес. Ветеринария хызмети ўәкилиниң өзи арза келип түскеннен соң 3 күн ишинде орнына барып ҳайўанларды идентификация етеди. Ҳайўан ийесиниң қәлеўине көре, ийт ҳәм пышықлар ықтыярий рәўиште ветеринария бөлимлерине алып барылыўы мүмкин.

Ҳайўанларды идентификация етиў шәртпе?

Аўа шәрт. Усы шәртти орынламаў ветеринария, ветеринария-санитария қағыйдалары ҳәм нормаларын бузыў есапланады ҳәм тийисли жуўапкершиликке алып келеди.

Идентификация етиў хызметлери ушын төлем бар ма?

Ҳайўанларды идентификация етиў хызметлери ушын ҳайўан ийесинен төмендеги муғдарларда төлем өндириледи:
• ҳәр бир қарамал, ат, ешек ҳәм түйелер ушын – 4 460 сум;
• ҳәр бир қой, ешки ҳәм шошқалар ушын – 3 345 сум;
• ҳәр бир ийт ҳәм пышықлар ушын – 2 230 сум.

Ҳәр бир бас ҳайўанға ветеринария паспорты бөлек рәсмийлестириле ме?

Қой ҳәм ешкилерге топар усылында ветеринария паспорты рәсмийлестирилиўи мүмкин. Бирақ, паспортта ҳәр бир ҳайўанның бөлек идентификация номери көрсетиледи. Басқа ҳайўанларға болса ветеринария паспорты бөлек рәсмийлестириледи.

Ҳайўан сойылса яки жоқ (набыт) болса не болады?

Бул жағдайда ҳайўан ийелери 7 күн мүддетде турақлы жасаў орнындағы ветеринария хызметиниң ўәкилине тийисли бирка ҳәм жетонлар менен бирге ветеринария паспортын есаптан шығарыў ушын усынылады.


Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық
бөлими баслығы                                                                                                           А.Отеулиев