Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС ДӘЎИР ТАЛАБЫ


КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС ДӘЎИР ТАЛАБЫ
Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ итибар қаратылды.
Себеби парақорлық — ҳәкимият ҳәм басқарыў тийкарларын кемириўши, оның халық алдындағы абырайын түсириўши, пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерине тәсир ететуғын қәўипли жынайый ҳәрекетлердиң бири болып табылады.
Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы 2017-жыл 3-январни қабыл етилип, 2017-жыл 4-январь күнинен баслап нызамлы күшине кирди. Бул нызам 6-бап, 34-статьядан ибарат болып, нызамның мақсети коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Ҳәммемиздиң хабарымыз бар Президентимиздиң 2018-2021-жылларда «Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы 2017-жыл 7-февральдағы 4947-санлы Пәрманында белгиленген 5 баслы бағдарлардың бири болған нызам үстинлигин тәми¬йинлеў ҳәм суд-ҳуқық сис¬темасын және де реформаластырыўдың тийкарғы бағдарларында коррупцияға қарсы гүресиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмин раўажландырыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин асырыў белгиленген.
Нызамда тийкарғы терминлерге түсиниклер берилген.
Коррупция — шахстың өз лаўазым яки хызмет статусынан жеке мәплерин яки басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы ҳәм де тап усындай пайданы нызамға қарсы түрде усыныў;
Буған қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери нызамлылық, пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашықлық ҳәм айдынлық, системалылық, мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўи, коррупцияның алдын алыўға тийисли ис-илажлардың үстинлиги, жуўапкершиликтиң шәртлилигинен ибарат.
Буған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сия¬сатының тийкарғы бағдарлары  болса, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм  мәдениятын раўажландырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы қатнасықты қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға тийисли ис-илажларды әмелге асырыў, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шараятларды саплас-тырыў, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершиликтиң шәртлилиги принципин тәмийинлеўден ибарат.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти тиккелей әмелге асырыўшы мәмлекет уйым¬лары булар — Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти болып табылады.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа мәмлекет уйымлары да әмелге асырады.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти әмелге асырыўшы ҳәм онда қатнасыўшы уйым¬лар ҳәм де шөлкемлердиң искерлигин муўапықластырыў ушын Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелер аралық комиссиясы шөлкемлестириледи. Мәкемелер аралық комиссияны шөлкемлестириў ҳәм оның искерлик тәртиби Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық мәкемелер аралық комиссиялар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шөлкемлестириледи.
Соның менен бирге 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыудын Харекетлер стратегиясында белгилен уазыйпалардың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳақкында»ғы  2019 жыл 27 майда ПФ-5729 сан Пәрманы қабыл етилди.
Парманға көре 2019-2020 жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик дәстүри тастыйықланып Коррупцияға карсы гүресиў бойынша республика мәкемелер аралық комиссиялардың жаңаланған қурамы қайта тастыйқланды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд ҳуқуқ мәселелри бойынша комитет шөлкемлестирилди ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў саласында мәмлекетлик сиясатың жоқары тўрыўшы орта ҳәм кележектеги жөнелислери белгилеп берилди.
Өз гезегинде биз мақсетлеримизди әмелге асырыў бағдарында әдиллик бөлимлери алдына да белгили ўазыйпалар жүкленди.
    Коррупцияға қарсы гүресиў мәдениятын асырыў мақсетинде өзин-өзи басқарыў уйымларында халық арасында, орта арнаўлы оқыў орынларында жаслар арасында болып, усы нызамның мазмуны ҳәм әҳми¬йети ҳаққында көшпели тәризде ушырасыўлар ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилмекте.
Бунда коррупцияға қарсы гүресиўде жаза шараларының күшейтирилиўи, келешекте жынаятшылық ҳәм коррупцияның алдын алыўда әҳми¬йетли орынды ийелеўи менен бирге, бул жынаят мәмлекет қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы реал дерек екенлигин итибарға алып, бундай иллетлерге жол қоймаў, бундай ҳәрекетлерди әмелге асырыўға шараят жаратып бериўши жағдайларды сапластырыў ҳәм алдын алыў лазым.
    Кегейли районы әдиллик бөлими