Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ – ЕҢ ЖОҚАРЫ ҚӘДРИЯТ


ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ – ЕҢ ЖОҚАРЫ ҚӘДРИЯТ

Инсан ҳуқықларын қорғаў – бул демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң ең тийкарғы белгиси ҳәмде ҳәр бир мәмлекеттиң демократиялық жақтан жетискенлигин көрсетиўши факторлардан бири болып есапланады.
Инсан ҳуқықлары, оларды тәмийинлеў мәселелери миллий нызамшылығымызда өз көринисин тапқан
Атап айтқанда, Конституциямыздың 13-статьясында “Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланады, оларға көре инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа қол қатылмас ҳуқықлары жоқары қәдрият есапланады. Демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм Нызамлар менен қорғалады” деп көрсетилген.
Пуқаралардың ең тийкарғы ҳуқықларының бири меншик ҳуқықы есапланады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 53-статьясында “Басқа да меншик түрлери менен бир қатарда жеке меншикке қол қатылмайды ҳәм оны мәмлекет қорғайды. Меншик ийеси оннан тек нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте ғана айырылыўы мүмкин” деп белгиленген.
Мәмлекетимизде соңғы ўақытларда пуқаралардың тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин, соның ишинде, меншик ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған жаңадан бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, айырым норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2006-жыл 29-май күнги 97-сан Қарары менен тастыйықланған “Мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаў тәртиби ҳаққында”ғы Режеге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 27-ноябрь күнги 963-санлы Қарарына тийкар қосымшалар киритилип, усы Реже 31-бәнт пенен толтырылды.
Киргизилген қосымшаға муўапық, “Жер участкасын алып қойыў ҳәм үйлер, ислеп шығарыў имәратлары ҳәм басқа имәратлар, қурылмаларды бузыў ҳәм тереклерди көшириў ҳаққындағы қарарлар қандай мақсетлерде қабыл етилетуғынлығы қатан белгилеп берилди.
Жер майданларын алып қойыўда объектлерди бузыўға көшпес мүлктиң базар баҳасы ҳәм алып қойыў себепли мүлк ийесине жеткерилген зыян толық қапланғаннан соң рухсат бериледи.
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға нызамға қайшы қарар шығарылыў нәтийжесинде жеткерилген зыян мәмлекет тәрепинен, биринши нәўбетте, тийисли мәмлекетлик уйымларының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қапланады ҳәм кейинала айыпкер шахстан регресс тәртипте өндирип алынады” деп қатаң белгилеп қойылды.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
27-июль күнги “Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-5490-санлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын жер майданларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткерилген зыянларды қаплаў бойынша орайластырылған фонд шөлкемлестирилип, мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын жер участкаларының алып қойылыўын усы фонд пенен мәжбүрий түрде келисиў тәртиби енгизилди.
Соның менен бир қатарда, усы жылдың 3-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүлк ҳуқықы кепиллениўин сөзсиз тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПБ-5491-санлы Бийлиги қабыл етилди.
Бийлик пенен, усы жылдың 5-август күнинен баслап, мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын, сондай-ақ, басқа мақсетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине тийисли болған жер участкаларын алып қойыў ҳәмде көшпес мүлк объектлерин бузыў жумыслары, төмендеги басқышлардан ибәрат тәртипте әмелге асырылыўы белгилеп қойылды.
Яғный, биринши басқышта – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен бузылыўы нәзерде тутылған аймақ бойынша ҳүжжетлер топланып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиледи;
екинши басқышта – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде қаласазлық талаплары бойынша – Бас министрдиң биринши орынбасары – транспорт министри ҳәм финанс есап-китаплар бойынша Бас министрдиң орынбасары - финанс министри тәрепинен жуўмақ таярланады;
үшинши басқышта – таярланған жуўмақ Өзбекстан Республикасының Бас министрине көрип шығыў ҳәм қарар қабыл қылыў ушын киргизиледи.
Сондай-ақ, усы ҳүжжет пенен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте – мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери, сондай-ақ, аймақларды комплекс раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик дәстүрлер ҳәмде инвестиция ҳәм басқа социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе болған жойбарлар әмелге асырылыўы шеңберинде жер участкаларын алып қойыў ҳәм мүлк ийелерине жеткерилген зыянларды қаплаў тәртибин белгилеўши ҳүкимет қарарын қабыл қылыў тапсырылды.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының “Аўыл ҳожалығына мөлшерленген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди. Бул Нызам менен жерлерди жеке мүлк ретинде ҳүжжетлестириў имканияты пайда болды.
Нызамға муўапық, жеке жерлер тек ғана мүлк ийесиниң разылығы менен мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын алып қойылыўы мүмкин. Бунда жерди мүлк ийесинен сатып алыў яки басқа жол менен оны разы қылыўы керек болады. Егер жер ийеси разы қылынбаса, оның жерин алып қойыў мүмкин емес.
Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын ҳәм еркинлигин тәмийинлеўдеги жумысларға Әдиллик уйымлары да өз үлесин қосып келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими тәрепинен усы жылдың 6 айы даўамында пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша тийисли судларға
300 млн. сумға жақын 55 шағым ҳәм (арза) даўа арзалар, сондай-ақ тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳəм буған алып келиўши шараятларды сапластырыў ҳаққында
21 усыныслар киргизилди.
Қолланылған тәсир шаралары нәтийжесинде, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң 11 шахсы интизамый жуўапкершиликке тартылып, нызамсыз қабыл етиген 3 ҳүжжет бийкар етилди, 370 млн. сумнан артық пул қаржылары тийисли тәртипте пуқараларға қайтарылды.
Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде суд-ҳуқық тараўында жүз берип атырған үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар инсан мәпи ушын хызмет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги Инсан
ҳуқықларын қорғаў
бөлими бас мәсләҳатшиси
Есенкелди УТЕПОВ