Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ 2018-ЖЫЛ 25-МАЙДАҒЫ «КЕЛИСПЕЎШИЛИКЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎҒА ҚАРАТЫЛҒАН ИНСТИТУТ РЕТИНДЕ НОТАРИАТ СИСТЕМАСЫН ЖӘНЕДЕ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИС-ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ ПҚ-3741-САНЛЫ ҚАРАРЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-майдағы «Келиспеўшиликлердиң алдын алыўға қаратылған институт ретинде нотариат системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3741-санлы Қарары менен Өзбекстан Республикасы Олий суды мәптар министрлик ҳәм мекемелер менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрға шекемги мүддетте суд тәрепинен ҳәрекет уқыплылығына ийе емес деп табылған шахслар бойынша электрон мағлыўмат базасын қәлиплестириўди, кейиншелик оны «Нотариус» автоматластырылған хабар системасына интеграция етилиўи белгиленди.
Сондай-ақ, 2019-жыл 1-январдан баслап ижәра шәртнамаларын мәмлекетлик салық хызмети органында мәжбүрий есапқа қойыў тәртибин үйрениў арқалы көшпес мүлкти ижәраға бериў ҳәм пулсыз пайдаланыў шәртнамаларын мәжбүрий нотариал тастыйықлаў бойынша талап бийкар етилди.
Ендигиден былай, дүзилген ижәра шәртнамалары тек ғана мәмлекетлик салық хызмети органларында есапқа қойылыўы лазым болады.
2019-жыл 1-январдан баслап:
-көшмес мүлк пенен байланыслы питимлерди нотариал тастыйықлаў тек ғана «Мәмлекетлик белгиси» мәмлекет ислеп шығарыў бирлеспеси тәрепинен таярланатуғын, қорғаныў дәрежесине, серияға, тәртип номерине ҳәм аймақлық кодқа ийе болған қатаң есабат берилетуғын гербли (арнаўлы) бланкаларда әмелге асырылатуғын болды;
-ўәсиятнамаларды имзалаў процесси, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Нотариат ҳаққында»ғы Нызамның 34-статьясының екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайларда питим, арза ҳәм басқа ҳүжжетлерди имзалаў процесси мәжбүрий аудио ҳәм видеоға алыныўы шәрт етип қойылды;
-нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў ушын мүрәжат еткен шахслардың шахсын анықлаў бармақ излерин сканер етиў ҳәм оларды паспорттағы  биометрик мағлыўматлар менен салыстырыў арқалы әмелге асырылатуғын болды;
-мүрәжат етиўшилердиң нотариал ҳәрекетлер орынлағанлығын тастыйықлаў нотариал тастыйықланып атырылған ҳүжжетлерге олар тәрепинен қол қойыў ҳәм арнаўлы қурылмаларда олардың бармақ излерин сканер етиў жолы менен әмелге асырылады.
-нотариус лаўазымына талабанлардың стажировка өтеў мүддетин еки жылдан бир жылға қысқартырылды;
-нотариус лаўазымға талабанлар ушын судьялык лаўазымында кеминде бес жыл ислеген ямаса нотариал искерликке басшылық ҳәм қадағалаўшы лаўазымларда кеминде үш жыл ислеген шахсларға мәжбүрий стажировка өтеў бойынша талап бийкар етилди.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 27-февралдағы 106-санлы «Питимлерди нотариал тастыйықлаў тәртибин мекемелер ара электрон бирге ислесиўди қоллаған ҳалда жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарының
3-бәнтине муўапық мәкемелер ара электрон бирге ислесиўди қоллаған ҳалда көшпес мүлктиң алды-сатты, алмастырыў ҳәм саўға шәртнамаларын нотариал тастыйықлаў Өзбекстан Республикасының барлық аймағында 2018-жылдың 1-июлынан баслап әмелге асырылыўы белгиленген еди. Усы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда ҳәзирги күнде «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети ҳәм Әдиллик министрлиги ортасында мекемелер ара электрон хабар алмасыўы бойынша келисиў имзаланған ҳәм «Недвижимость-3» автоматластырылған хабар системасы «Нотариус» автоматластырылған хабар системасына интеграция етилген болып, хабар системасы арқалы мекемелер ара электрон хабар алмасыныўы толық көлемде ислеп атыр.

Ҳуқықый хызмет көрсетиўиди мәмлекет тәрепинен тәртипке
салыў бөлими бас мәсләҳәтшиси

А.Базарбаев