Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕРИ МЕНЕН АШЫҚ ПИКИР АЛМАСЫЎ БОЙЫНША ОҚЫЎ-СЕМИНАР.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрелдеги қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеге көре, министрликке мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң искерлигин раўажландырыў саласында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, олардың мәмлекетлик уйымлары
ҳәм шөлкемлери менен өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириўге көмеклесиў ўазыйпасы жүклетилген.
Усыған көре, министрлик тәрепинен пуқаралық жәмийети институты ўәкиллериниң нызамшылыққа киритилип атырған өзгерис
ҳәм қосымшалардың мазмун-әҳмийетинен өз ўақтында хабардарлығын тәмийинлеў, олардың усы саладағы билимлерин еледе беккемлеў мақсетинде, усы жылдың 7-август күни Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң мәжилислер залында, 8-август күни Муҳаммад Беруний атындағы Ислам орта-арнаўлы билим журтында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери менен ашық пикир алмасыў” атамасында оқыў-семинары болып өтти.
Усы оқыў-семинарында мәмлекетлик емес коммерцялық емес шөлкемлери, диний шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Оқыў-семинарлары әдиллик министри орынбасары Э. Турсунов басшылығында алып барылды.
Сондай-ақ, министрлик бас мәсләҳатшиси И. Алдабергенов тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери искерлиги бойынша әмелге асырылған таллаў мағлыўматлары ҳәм алдағы ўақытлары қылыныўы зәрүр болған ҳәмде кешиктирип болмайтығын баслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Өз нәўбетинде, тийисли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери тәрепинен әмелиятта бар болған машқалалы жағдайлар бойынша сораўлар қылынып, министрлик хызметкерлери тәрепинен жуўаплар берилиўи тәмийинленди.
Буннан тысқары, министрлик тәрепинен тараў искерлиги менен байланыслы болған тарқатпа ҳуқықый материаллар ҳәм слайдлардың электрон формаларының тарқатылыўы тәмийнленди ҳәмде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң усыныс ҳәм пикирлери инабатқа алынды.
Оқыў-семинары ашық пикир алмасыў формасында әмелге асырылып, додалаўларға бай болды.
Соның менен биргеликте, бүгинги күн ушын мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген ҳәм оғада актуал есапланған коррупция саласында мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилген бир қатар нызам ҳүжжетлериниң мазмун-әҳмийети ҳаққында кең түсиниклер берилди.
Семинар даўамында тараўға тийисли нызамшылықты орынларда турақлы түрде үгит-нәсиятлаў, орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий усыныслар ортаға тасланды. Түрли пикир ҳәм усыныслар билдирилди, келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Семинар шөлкемлестириўшилериниң айтыўынша, усы мазмундағы иләжлар турақлы түрде даўам еттириледи.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес коммерциялық
шөлкемлери бөлими

Телефон: (0 361) 223-78-38