Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИ ТЕКСТЛЕРИ МЕНЕН ЕНДИ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИ МАҒЛЫЎМАТЛАРЫ МИЛЛИЙ БАЗАСЫ – LEX.UZ САЙТЫНАН ТАНЫСЫЎ ИМКАНИЯТЫНА ИЙЕСИЗ…


Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер текстлеринен кең пайдаланылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ мәлимлеме-коммуникация технологияларының заманагөй қураллалырынан пайдаланған ҳалда ҳуқықый мәлимлемелерди халық итибарына жеткериў ушын қосымша шәрт-шәраятлар жаратыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 31-декабрь күни “Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасынан кең пайдаланыўды тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы
340-санлы қарары қабыл етилген ҳәмде халық ушын нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасы болған Lex.uz сайты жаратылған.
Өзбекстан Республикасы Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери
ҳәмде халықаралық шәртнамалары текстлери қамтып алынған ҳәм кең пайдаланыў ушын Интернет тармағында жайластырылған.
Бүгинги күнде министрлик тәрепинен халыққа еледе нызам ҳүжжетлериниң текстлеринен пайдаланыўда қолайлықлар жаратыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасы – Lex.Uz сайтына жәми 110 Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығына тийисли болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң текстлери жайластырылды ҳәм пуқаралар усы ҳүжжетлерден пайдаланыў имканиятына ийе болды.



Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси,
2-дәрежели юрист                
ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ