Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ ПОРТАЛЫ ҲАҚҚЫНДА БИЛЕСИЗБЕ


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-январдағы 5618-санлы Пәрманына тийкар балалар ушын арнаўлы ҳуқықый портал жаратыў ўазыйпасы белгиленген еди.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “bolahuquqi.uz – Bola huququlari portali” –ислеп шығылып 2019-жыл 1-июнь күнинен иске түсирилди.
Бала ҳуқықлары порталы 14 жасқа шекем болған балаларға ҳәмде ата-аналарға мөлшерленген болып, онда бала үйрениўи ҳәм әдетлениўи керек болған басланғыш ҳуқықый көнликпелер, мектепке шекемги билимлендириў, саламатлық, жол ҳәрекети, әдеп-икрамлылық, тәбиятты қорғаў бойынша элементар тәртип-қағыйдалар, Конституция, бала ҳуқықына байланыслы ҳүжжетлер ҳаққында мағлыўматлар әпиўайы тилде усынылған.  
Интерактив ойынлар, логикалық тапсырмалар, тестлер балалардың ҳуқықый билимлериниң асыўына имкән береди.

Порталға  http://bolahuquqlari.uz  арқалы өтиўиңиз мүмкин.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық
бөлими жетекши мәсләҳәтшиси                                  Кутлымуратова Насиба