Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Баҳалаў искерлигин және де раўажландырыў хәмде төмен рентабелли хәм хәрекетте болмаған мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды сатыў механизмлерин әпиўайыластырыў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. (ПҚ–4381, 01.07.2019-ж.)
Қарарға муўапық баҳалаў шөлкемлери искерлигин лицензиялаў хәм баҳалаўшыларды классификациялаў Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Алдын бул искерлик Мәмлекетлик бәсеки комитети тәрепинен лицензияланған.

Баҳалаў бул объектлердиң баҳасын анықлаўға қаратылған искерлик.
2019-жыл 1-декабрге шекем мүлкшилик формасына қарамастан объектлерди баҳалаўдың бирден-бир миллий стандарты тастыйықланады.
2019-жыл 1-августтен  баҳалаўшылар классификацияланып барылады.
Классификациялаў нәтийжелери Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Өзбекстан Баҳалаў шөлкемлери ассоциацияси хәм Баҳалаўшылар жәмийетиниң веб-сайтларында жәриялап барылады.
2020-жыл 1-январдан баҳалаў шөлкемлериниң рейтинги жәрияланады.