Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Ишки ислер органлары хызметкерлерин мобиль видеобақлаў қураллары менен тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди (556-сан, 03.07.2019-ж.)
Нызамшылыққа муўапық, (https://t.me/huquqiyaxborot/3789) 2019-жыл 1-июлден жол-патруль хызмети хызметкери хызмет ўазыйпаларын мобиль видеокамерадан пайдаланған ҳалда әшкара алып барыўы ҳәм бул ҳаққында жол ҳәрекети қатнасыўшыларына мәлим етиўи керек еди.
Қарар менен ЖПХ хызметкерлери хызмет ўазыйпаларында видеокамерадан пайдаланыўға байланыслы талап 2020-жылдың 1-январь күнине шекем узайтырылды.
Усыған тийкар, жол ҳәрекети қатнасыўшылары 2020-жыл 1-январға шекем хызметти мобиль видеокамерасыз алып барып атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерди усынбаў ҳуқықынан пайдалана алмайды.
Еслетип өтемиз, жол ҳәрекети қатнасыўшылары ЖПХ хызметкери менен өз ара қатнасты өзине тийисли аудио, фото ҳәм видео қурылмаға алыў ҳуқықына ийе (ЖПХ хызметкери тәрепинен фото ҳәм видео көриниске алыў қадаған етилген белги бар  аймақларда хызмет алып барыў жағдайлары буннан тыс).