Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

02

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққындағы Нызамы қабыл етилди (ЎРҚ-546, 01.07.2019-ж).
Усы ҳүжжет Есап палатасының жумысларын тәртипке салады.
Нызамғы көре Есап палатасы мәмлекет сыртқы аудити ҳәм финанслық қадағалаўдың жоқары органы есапланады.
Нызам менен Есап палатасының тийкарғы ўазыйпалары сыпатында бюджет жойбарының қәлиплестирилиўи ҳәм оның мәмлекетти социал-экономикалық раўажландырыў устинликлерине муўапықлығын анализлеў, мәмлекетлик дәсүтрлердиң финансластырыў дереклери менен тәмийинленгенлигин аудит қылыў, мәмлекет бюджети есабынан әмелге асырылып атырған инвестиция жойбарларының мақсетке муўапықлығы ҳәм тийкарлылығын баҳалаў сыяқлылар белгиленди.
Есап палатасы өз искерлигинде тиккелей Президентке бойсынады, Президентке, сондай-ақ Олий Мажлис палаталарына есап береди.
Есап палатасының структурасы ҳәм штатларының шекленген саны Президент тәрепинен тастыйықланады.
Есап палатасына Президент тәрепинен лаўазымына тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын ҳәмде Сенат тәрепинен тастыйықланатуғын баслық басшылық етеди.
Есап палатасы баслығының биринши орынбасары, орынбасарлары Президент тәрепинен лаўазымына тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи.  
Есап палатасы өз жуўапкершилигине жүклетилген ўазыйпалар ҳәм ўәкилликлер шеңберинде дәслепки ҳәмде жуўмақлаўшы тәризде ревизия, тексериў ҳәм үйрениў формасында қадағалаўды әмелге асырады.
Есап палатасы өз жуўапкершилиге жүклетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде көрсетпелер ҳәм усыныслар қабыл етеди, сондай-ақ аналитикалық мағлыўматлар ҳәмде жуўмақлар таярлайды.
Усы Нызам 2020-жыл 1-январдан баслап күшке киреди.