Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Ғалаба хабар қураллары ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәмде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлери мәлимлеме хызметлери жумысларын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.
Оған көре, 2019-жыл 1-октябрден баслап балалар әдебиятлары ҳәмде майыплығы болған шахслар ушын мөлжерленген өнимлер шығарыўға қәнигелестирилген баспалар баспа жумысларын әмелге асырыўға лицензия бергенлик ушын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.
Қарар менен мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлер искерлиги ҳаққында ҒХҚлары, социаллық тармақлар, усы органлардың веб-сайтлары, басқа мәлимлеме ресурслары арқалы, баспа сөз жыйналыслары, брифинглер, медиатурлер шөлкемлестириў жолы менен халыққа турақлы, толық ҳәм оператив түрде мәлимлеме усынып барыў, ҒХҚларда шөлкем басшыларының мәлимлеме хызметлери, баспа сөз орайлары, жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша хызметлердиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.
Қарарға көре мәлимлеме хызметлерине баслы (устувор) түрде журналистика тараўында  жоқары мағлыўматқа ийе болғанлар жумысқа алынады.
Сондай-ақ, мәлимлеме хызметлери басшылары:
бир ўақыттың өзинде баспа сөз хаткери есапланады;
мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша баслықтың мәсләҳәтшиси статусына ийе болады ҳәмде мийнетке ҳақы төлеў, медицина ҳәм транспорт хызмети көрсетиў шәртлерине көре баслық орынбасарына теңлестириледи;
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги  ямаса оның аймақлық бөлимлери жуўмағы тийкарында лаўазымына тайынланады;
ҳәр үш жылда Агентликте аттестациядан өтеди

Қарарға муўапық:
Агентликтиң мәмлекетлик органларының мәлимлеме хызметлерин муўапықластырыў бөлими негизинде Мәлимлеме хызметлери жумысларын шөлкемлестириў басқармасы шөлкемлестирилиўи;
аймақлардағы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармаларында мәлимлеме хызметлери жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секторы шөлкемлестирилиўи белгиленди.