Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Ҳүкиметтиң айрым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди


Ҳүкиметтиң айрым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди (529-сан, 27.06.2019-ж.)
Киргизилген қосымшаларға муўапық, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўге мүнәсип үлес қосқан, хызмет ямаса илимий искерлигинде жоқары нәтийжелерге ерискен ишки ислер органларының әмелдеги хызметкерлери перзентлерине Қорғаныў министрлиги ҳәм Миллий гвардия жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ушын қабыллаўдың улыўма санынан 5 проценти квота ажратылады.
Бунда қабыллаў дәслепки ҳәм әскерий-профессионал таңлаў нәтийжелери ҳәмде ишки ислер министриниң усынысы тийкарында әмелге асырылады.
5 процентли қабыллаў квоталары әскерий-професионал таңлаў нәтийжелери бойынша топланған баллардан келип шығып избе-излик тәртипте бөлистириледи.
Усы квоталарға қабыл етилмеген кандидатлар топланған баллары менен улыўма таңлаўда қатнасады.

Н.Кутлымуратова