Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Сайлаў кодекси тастыйықланды


Сайлаў кодекси (https://t.me/huquqiyaxborot/5041) менен сайлаў округлери ҳәм участкаларын дүзиў, сайлаў комиссиялары жумысларын шөлкемлестириў тәртиби белгиленди.
Оған муўапық, Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў ушын 150 аймақлық сайлаў округи дүзиледи.
Алдын 135 округ дүзилген ҳәм 15 депутат Өзбекстан экологиялық ҳәрекетинен сайланған.
Ендигиден былай, Өзбекстан экологиялық партиясы шөлкемлестирилгенлиги себепли, усы партия депутатлыққа өз талабанларын улыўма сайлаўларға қойған ҳалда Нызамшылық палатасынан орын ийелеўи мүмкин.
Ендигиден былай сайлаўшылардың бирден бир электрон дизими қәлиплестириледи.
Оған көре сайлаўшылар Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында сайлаўшылардың дизими ҳаққындағы өзи ушын керекли мағлыўматларды алыў имкәниятына ийе болады.
Кодексте участка сайлаў комиссиялары жайласқан имәратлардың үскенелениўине байланыслы талаплар өз сәўлелениўин тапты.
Атап айтқанда, сайлаў комиссиялары жайласқан имәратларда сайлаў участкасының картасы, зәрүр мебель, офис техника қураллары (телефон, принтер, Интернетке жалғанған ҳәм Сайлаў процессин басқарыў мәлимлеме системасына кириў имкәниятына ийе компьютерлер, сейф, канцелярия товарлары) болыўы керек.
Сайлаўлар саат 08.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи. Алдын саат 06.00 ден саат 20.00 не шекем өткерилген.

Н.Кутлымуратова