Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик  басқарыў академиясында басқарыў кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди (ПҚ–4365, 27.06.2019-ж.)
Қарарға муўапық, 2019/2020-оқыў жылынан:
Академияда кадрларды таярлаў грант ҳәм төлем-контракт тийкарында, ислеп шығарыўдан ажралған ҳалда бир жыллық ҳәм ислеп шығарыўдан ажралмаған ҳалда еки жыллық магистратура дәстүрлери тийкарында әмелге асырылады ҳәм диплом бериледи;
Академия магистратурасына ҳәм қайта таярлаў курсларына қабыллаў кандидатларды бирлемши таңлап алыў ҳәм кейинала тест ҳәм сәўбет өткериў арқалы таңлаў тийкарында әмелге асырылады;
кандидатларға қойылатуғын талаплар Президент қарары менен белгиленеди.
Академия питкериўшилери Президент мәсләҳәтшилери бөлимлери тәрепинен басшы лаўазымларына бөлистириледи.
Академияға 2019/2020-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары төмендегише белгиленди:
ислеп шығарыўдан ажралған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги магистратурасына
90 (соннан 36 грант, 54 контракт);
ислеп шығарыўдан ажралмаған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги магистратурасына 30 (соннан 12 грант, 18 контракт);
ислеп шығарыўдан ажралған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыў» қәнигелиги бойынша қайта таярлаў курсларына 60 (соннан 24 грант, 36 контракт);
ислеп шығарыўдан ажралмаған ҳалда «Мәмлекетлик басқарыўы» қәнигелиги бойынша қайта таярлаў курсларына 90 (соннан 36 грант, 54 контракт).

Кадрлар бөлими бас мәсләҳәтшиси        Х.Атаджанов