Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

01

Мектеплерде ремонт ушын пул жыйналыўы дурыспа?


Перзенти мектепке баратуғын ҳәр қандай ата-анаға түрли пул жыйымлары мәселеси жүдә жаксы таныс. Класс фонды, мектеп фонды, оңлаў, обуна, металлом ҳәм басқалар ушын бир жылда бир-қанша сумма берип қойылады. Ҳеш бир нормаларда көрсетилмеген ҳәм ҳеш жерде дизимге алынбайтугын усы қаржыларды ата-аналардан талап етиў нызамлыма? Сондай шараятда пуқаралар қандай жол тутыўлары керек?
Сораў: Мектеп оқыўшылар ҳәм оқытыўшылардан оңлаў жумыслары ушын пул талап етиўге ҳақылыма? Мектепте 1200 оқыўшы оқыйды, 25 оқытыўшы сабақ береди. Оқыўшылардан 15 000 сум, оқытыўшылардан 10 000 сумнан қаржы жыйнап алынып атыр. Және ата-аналардың айырымлары кеўилли рәўиште ҳәкимлик жәрдеми ретинде қурылыс маллары да келтирип берип атыр. Бул жыйналған пуллар мектептиң есап бетине өткерилмедиме ямаса мектеп баслықларының қалтасына барып түседима?
Мектеплер ҳәм басқа билимлендириў мәкемелери тәрепинен оңлаў ушын оқыўшы ҳәм оқытыўшылардан пул жыйналыўы нызамсыз есапланады.
Конституцияның 41-статьясында ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийелиги ҳәм пулсыз улыўма билимлендириў мәмлекет тәрепинен кепиллениўи белгиленген.
Айырым ата-аналар бул пулды қыйналмай берседе, көпшиликде наразылық туўылады. Бирақ әтирапдағылардың басымы ҳәм перзентине оқытыўшының мүнәсибети өзгермеспекен деген үй менен ата-аналар усы тийкарсыз төлемлерге  разы болады.
«Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамда жынысы, тили, жасы, расасы, миллий тиийслилиги, сыйыныўы, динге мүнәсибети, социаллық келип шығыўы, хызмет түри, социаллық абарайы, турақ жайы, Өзбекстан аймағында қанша ўақыт жасап атырғанлығынан қарамастан, ҳәр кимге билим алыўда тең ҳуқықлар кепиллениўи белгиленген.
Негизинде мектеплердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын бюджеттен жетерли қаржы ажратылады. Президенттиң 2018-жыл 5-сентябрдеги қарарына муўапық Халық тәлимин раўажландырыў фонды шөлкемлестирилген.
Усы фондтын тийкарғы ўазыйпаларынан бири улыўма билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкция етиў ҳәм капитал оңлаў, соның ишинде зәрүр болғанда оқыў корпусларын оқыў устаханалары ҳәм лабораториялар шөлкемлестирген ҳалда кеңейтиў, спорт заллары ҳәм майданшаларын ҳәмде басқа инфраструктура объектлерин тиклеў бойынша жумысларды финансластырыў есапланады.
Улыўма орта билимлендириў ҳаққында режеге муўапық, мектеплер искерлигин финансластырыў тийисли қәрежетлер сметасына муўапық әмелге асырылады.
«Өзбекстан Республикасында улыўма орта билимлендириўди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 1998-жыл 13-майда қабыл етилген Ҳүкимет қарарына муўапық Халық билимлендириў министрлиги, Финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала ҳәкимликлери ҳәр жылы 1-августқа шекем мектеплер материаллық-техникалық базасын таярлаўды, оқыўшылар ушын зәрүр санитария-турмыслық ҳәм социаллық шараятлар жаратылыўын тәмийинлеўи зәрүр.
Солай екен, ажратылған қаржылардың өз мәнзилине толық жетип барыўында тек ғана мәмлекетлик қадағалаў органлары, балки жәмийетшилик, атап айтқанда,  ата-аналардың ҳәм сергеклиги ҳәм мәселеге жуўапкершилик пенен жантысыўы талап етиледи. Пул соралғанда тийкар талап етиў, ажратылып атырған қаржылар қай жерге кетип атырғаны менен қызығыў, зәрүр орынларда тийисли органларға мүрәжәт етиў арқалы ата-аналар жәмәәси усы турмыслық коррупцияға қарсы нызамлы жол менен гүресиўи ҳәм усы иллетти үзил-кесил сапластырыўға үлес қосыўы мүмкин.