Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

ДИНИЙ ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ТЕРРОРИЗМГЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ДӘЎИР ТАЛАБЫ


ДИНИЙ ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ТЕРРОРИЗМГЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ
ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында түрли конфессияға  тийисли диний шөлкемлер жумыс алып барып атыр, пуқараларымыз өз диний әмеллерин еркин орынлап келмекте.
Диний шөлкемлер өз ҳәрекетлерин әмелге асырыўы ҳәм мәмлекет турмысында белсене қатнасыўы ушын барлық шәраятлар жаратылған. Бул бойынша ҳуқықый тийкарлар Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31-статьясында, “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында”ғы нызамда өз көринисин ийе.
Соны да атап өтиўимиз керек, социал-дүзимди зорлық пенен өзгертиўге, ҳакимиятты зорлық ислетип ийелеўге, миллий, расалық, этникалық ямаса диний келиспеўшиликлерди қозғатыўға қаратылған экстремистлик ҳәрекетлер мәмлекет қәўипсизлигине үлкен қәўип туўдырады.
Бундай ҳәрекетлерге қарсы гүресиўди ҳуқықый тәрептен тәртипке салыў мақсетинде 2018-жыл 30-июль күни Өзбекстан Республикасының “Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди.
Бүгинги күнде диний экстремистик топарлар өз мақсетлерин әмелге асырыўы ушын халықлар арасында биринши гезекте миллетшилик ҳәм диний өзгешеликти келтирип шығарыў, бул ҳәрекет арқалы бир мәмлекетте жасап атырған түрли миллет ўәкиллери арасында миллий, диний келиспеўшиликлерди жүзеге келтириўге урынып атыр. Бул жағдайды “Хизбут-таҳрир”, “ал-Қаида”, “ал-Жиҳад” сыяқлы халық аралық жынаятшы топарлар мысалында бақлаў мүмкин. Наркобизнес ҳәм нызамлы емес қурал-жарақ саўдасынан келетуғын пайдалар олардың финанслық дереклери есапланады.
Халық аралық терроршылық шөлкемлери тәрепинен алдынға сүрилип атырған сиясий сүренлер, өз алдыларына қойған мақсетлер ҳәм әмелге асырып атырған қопарыўшылық ҳәрекетлери шет ел мәмлекет, еки ҳәм оннан көп мәмлекетлер ямаса пүткил бир регионда турақсызлықты келтирип шығарыў арқалы сиясий басқарыўды ийелеўге қаратылған болады.
Соның менен бир қатарда, олар оқыў базалары ҳәм әскерий лагерлеринде түрли мәмлекетлерде ҳәрекет алып баратырған терроршылық шөлкемлери ушын жаўынгерлер таярлап береди. Буннан тысқары, халық аралық терроршылық шөлкемлери “Хабар урысы”ның заманагөй усыл ҳәм қуралларын қоллаған ҳалда өз идеологияларын түрли халықлар ҳәм регионлар ишинде тарқатыў арқалы жалланба жаўынгерлерди қаратыў ҳәм жаслар есабына қатарын кеңейттиреди.
“Хабар әсири” деп аталып атырған ҳәзирги заманда мағлыўмат алыў ҳәм хабар алмасыўдың қолайлы қуралы интернет есапланады. Бирақ, бул тармақта ҳәмме нәрсе аралас, ақ пенен қара, жақсылық пенен жаўызлық, мағлыўмат тарқатыў, бизнес ҳәм реклама ушын үлкен майданға айланған глобал тармақты қадағалаўдың улыўма имкәнияты жоқ. Соның ушында интернетте бузғыншы идеялар ҳәм террорға шақырыўлар жүдә көп ушырайды.
Терроршылардың интернет арқалы ҳүжимлери тийкарынан жасларға қаратылған болып, олар жас өспиримлер ушын қызықлы болған қураллардан усталық пенен пайдаланбақта. Соның ишинде, жаслардың қызығыўына қарап, оларды түрли видеокөринислер ҳәм фотосүўретлерди тамаша етиўге шақырыў арқалы ямаса сыртқы көринисинен тап ойын, техника, спортқа тийисли болса-да, лекин ишки бетлеринде тек бузғыншылыкты сиңдириўши веб-журналларды усынбақта.
Усы орында айтып өтиў керек, терроршыларға тийисли интернет сайтларының өзине сай өзгешеликлери төмендегише болады:
•    өзлериниң жынаятшы топарбасшыларынан басқа алымларды қаралап, оларды кемситеди ҳәм жаман атлы қылады;
•    мәмлекет ҳәкимиятына қарата наразылық кейпиятын оятыў
ҳәм бар болған кемшиликлерди бөрттирип көрсетиў арқалы адамларды түскинликке салады;
•    халық пенен тап жақынлығын билдириў мақсетинде олардың қыйыншылығы ҳәм тәшўишине өзлерин “шерик” қылып көрсетеди, тийкарында болса олардың диний сезимлеринен усталық
пенен пайдаланады;
•    келиспеўшилик шығаратуғын мәселелерди өз сайтлары арқалы жарытып, адамларда өз қараслары дурыслығына исеним пайда етиўге урынады.
Усы орында, ол ямаса бул хабарды қабыл қылыўдан алдың инсан әлбетте өзине: “Бул хабарды ким тарқатып атыр?”, “Не ушын узатып атыр?”, “Қандай мақсетти гөзлеп атыр?” деген сораўларды бериўи керек.
Миссионерлик ҳаққында сөз болғанда, дәслеп бул түсиниктиң сөзлик ҳәм терминологиялық мәнилерин түсинип алыў үлкен әҳмийетке ийе.
Бул сөз латын тилиндеги “missio” фейилинен алынған болып, “жибериў”, “ўазыйпа тапсырыў” деген мәнилерди аңлатады.
Миссионерлик болса, белгиленген ўазыйпаларды шешиўге қаратылған теориялық ҳәм әмелий жумыс алып барыў жыйнағын билдиреди.
Улыўма алғанда, миссионерлик – бир динге исениўши халықлар арасында басқа бир динди үгитлеўди анлатады. Миссионерлик бүгинги күнде көп тармақлы тараў есапланады. Ҳәзирде миссионерлер кирип бармаған, олар ҳәрекет етпейтуғын мәмлекеттиң дүньяда табылыўы қыйын.
Белгили бир мәмлекеттеги социал-экономикалық жағдайдан ғәрезли мақсетлер жолында пайдаланыўға ҳәрекет етиў заманагөй миссионерликтиң ең әҳмийетли белгиси болып табылады.
Әмелдеги нызамшылығымыз бойынша, белгили жағдайларда биринши мәрте нызамды бузған шахс ямаса шөлкемге ҳәкимшилик жаза қолланылады. Егерде сол шахс ямаса шөлкем соннан кейин де нызамды бузыўды даўам етсе, оған енди Жынаят кодексиндеги шаралар қолланылады. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинде нәзерде тутылған бир қатар ҳәрекетлер ушын да жазалар белгиленгенин атап өтиў зәрүр. Соның ишинде:
- Eр жетпеген балаларды диний шөлкемлерге тартыў;
- Eр жетпеген балаларды олардың ықтыярына, ата-аналары
ямаса олардын орнын басыўшы шахслaр ықтыярына қайшы келетуғын тәризде динге окытыў;
- Диндарлардан мәжбүрий жыйым өндириў ҳәм салық алыў;
- Диний билим алыўда және пуқара динге байланыслы, динге исениў ямаса исенбеўге байланыслы, ибәдат етиўде, диний
салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлерде қатнасыў ямаса қатнаспаўға байланыслы өз мүнәсибетин белгилеп атырған ўақытта мәжбүрлеўге байланыслы диний жумыслар жүргизиў;
- Нызамға қайшы болған жәмийетлик бирлеспелер ямаса диний шөлкемлерди нызамға қарсы түрде дүзиў ямаса олардың жумысларын тиклеў;
- Нызамға қайшы болған жәмийетлик бирлеспелер ямаса диний шөлкемлердиң жумысларына қатнасыў менен байланыслы ҳәрекетлер белгиленген ең кем ис ҳақысының тийисли муғдарында жәрийма салыныўға ямаса белгиленген мийнет пенен дүзетиў ислери
ямаса қамақ, еркинен айырыў жазалары менен жазаланыўы белгилеп қойылған.
Жуўмақлап айтқанда, алдымыздағы ўазыйпалар, жасларда интернеттеги мағлыўматларды ажырата билиў саўатлылығын қәлиплестириў, жас өспиримлерге интернеттеги қандай мағлыўматты алыў, қайсыларын қабыл қылмаў керек екенлигин түсиндириў,
жас әўладқа интернеттеги ҳәр қыйлы социаллық тармақлар, чатлар, онлайн видеоконференциялар, ойынлар, фотосүўретлер, аудио-видеокөринислерди көриў, тамаша етиў бойынша керекли усынысларды бериў, жаслардың интернет тармағына қызығыўларын турақлы үйрениў ҳәм бул жолда керекли мәсләҳәтлер берип барыў, интернет топылысларына қарсы турақлы түрде үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў керек.
Солай екен, жасларымыздың интернеттен ақылға муўапық
ҳәм дурыс жолда пайдаланыўларын тәмийинлеў дәўир талабы есапланады.
Демек, жасларымызда жаўыз топылысларға қарсы күш – иммунитет қәлиплессе, оларға ҳеш қандай қәўип өзиниң зыянлы тәсирин өткере алмайды. Умытпаң, жаслар келешегимиз, оларды идеялық апатлардан асыраў болса сиз ҳәм бизлердиң миннетимиз есапланады.

Мәмлекетлик емес
коммерциялқ емес
шөлкемлери бөлими
бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ