Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

15-май халықаралық шаңарақ күни


15-май халықаралық шаңарақ күни

    Дүнья мәмлекетлеринде ҳәр жылы 15-май күни халықаралық шаңарақ күни кең түрде белгиленеди.
    1993-жыл 20-сентябрь күни Бирлескен миллетлер шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен 1994-жылдан баслап 15-май халықаралық шаңарақ күни деп белгилеў ҳаққындағы резолюциясы қабыл етилди.      
Шаңарақ. Ҳәр биримиз ушын муқаддес есапланған ўатан ишиндеги киши ўатан. Себеби биз шаңарақта ең дәслепки түсиниклерди қәлиплестиремиз, билим ҳәм тәрбияны аламыз, шаңарақ ағзаларымызға, әтирапымыздағыларға деген мүнәсибетти қәлиплестиремиз. Әлбетте, шаңарақта берилетуғын билим ҳәм тәрбия сол жерде камалға жетип атырған перзенттиң келешегин белгилеп береди. Бул өз гезегинде мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўына өзиниң тәсирин тийгизеди.
Ҳуқықый мәниде айтқанымызда, шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланады. Шаңарақты қорғаў, ондағы қатнасықларды ҳуқықый тәрептен тәртипке салыў  ең тийкарғы ўазыйпа есапланады.
Мәмлекетимизде шаңарақ қатнасықлары Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Шаңарақ кодекси ҳәм басқада норматив ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.
Конституцияға муўапық шаңарақ  жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болады.
Шаңарақ қатнасықларын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлериниң тийкарғы мақсети шаңарақты беккемлеўден, ондағы қатнасықларды өзара мухаббат, исеним ҳәм ҳүрмет, бир-бирине жәрдем бериў ҳәмде шаңарақ алдында оның барлық ағзаларының жуўапкершилик сезими тийкарында қурыўдан, шаңарақ ағзалары өз ҳуқықларын тосқынлықсыз әмелге асырыў ҳәм бул ҳуқықлардың қорғалыўын тәмийинлеўден ибәрат.
Республикамызда неке дүзиў ықтиярий болып, неке пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органларында дүзиледи. Диний үрп-әдетлерге тийкар дүзилген неке ҳуқықый әҳмийетке ийе болмайды.
Шаңарақ кодексине тийкар неке жасы ер адамлар ушын 18 жас, ҳаяллар ушын 17 жас деп белгиленген.
Усы жерде мағлыўмат орнында атап өтиўимиз керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-апрелдеги «Бала ҳуқықлары кепилликлерин және де күшейтириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4296-сан Қарарына тийкар, 2019-жылдың 1-сентябринен баслап ер ҳәм ҳаяллар ушын неке жасы 18 жас деп белгиленди.
2019-жылдың 1-апрель ҳалатына Қарақалпақстан Республикасында
401 825 шаңарақ дизимге алынған, соннан жас шаңарақлар саны 105462, кем тәмийинленген шаңарақлар саны 22417 ни қурайды.

Мәмлекетимизде шаңарақты қорғаў, ондағы қатнасықларды тәртипке салыў, шаңарақтың экономикалық тийкарын беккемлеў мақсетинде кейинги жылларда бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.
    Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
2 февраль күнги 5325-сан Пәрманы менен Министрлер Кабинети жанында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети жанындағы Республика «Оила» илимий-әмелий орайы негизинде шөлкемлестирилди.
Ҳәр бир шаңарақтың исбилерменлик пенен шуғылланыў ҳәм турақлы дәрамат дерегине ийе болыўы ушын шәраятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ҳәр бир шаңарақ - исбилермен» дәстүрин әмелге асырыў ҳаққындағы Қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-март күнги 4231-сан қарарында «Ҳәр бир шаңарақ - исбилермен» дәстүри шеңберинде жеңилликли кредитлер шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыўға қаратылған арнаўлы мийнет искерлиги менен шуғылланыў ҳәм искерлик түрин кеңейтириў қәлеўин билдирген халық ҳәмде исбилерменлик субъектлерине жыллық 8 процентлик ставкада 3-6 айға шекем болған жеңилликли дәўир менен 3 жылдан көп болмаған мүддетке ажыратылады деп көрсетилген.
Социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 28-март кўнги 283-сан қарары менен «Социаллық мүтәж шаңарақлардың интәлы перзентлерин үзликсиз билим алыўын материаллық ҳәм руўхый тәрептен қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.
Режеге муўапық, социаллық мүтәж шаңарақлардың интәлы перзентлерин үзликсиз билим алыўын материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў жаслар мәлелелери бойынша аймақлық кеңселерара кеңеслер тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм оның жуўмағы тийкарында  оқыўшылардың  заманагөй бирден-бир мектеп формасы, тийкарғы түрдеги оқыў қураллары, көркем китаплар менен тәмийинленеди.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир нызам ҳүжжетиниң тийкарғы мақсети шаңарақты қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаўдан ибәрат.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
жетекши мәсләҳәтшиси                                        Кутлымуратова Насиба